Янгиликлар
19
Сайлаўларда даўыс бериў тәртибин билесиз бе?
Сораў-жуўап
1. Даўыс бериў ўақты ҳәм орнын қай жерден билсе болады?
Бул ҳаққында участка сайлаў комиссиясы сайлаўшыларды сайлаўдан кеминде 10 күн алдын хабардар етеди. Толық мағлыўматты Өзбекстан Республикасы Нызам ҳүжжетлери мағлыўматлар миллий базасы (http://lex.uz/docs/4386846) арқалы алыўға болады.
2. Даўыс бериў қашан өткериледи?
Сайлаў күни (22-декабрь) саат 8.00 ден басланып 20.00 ге шекем даўыс бериў мүмкин болады.
3. Даўыс бериў ушын шахсың тастыйықлаўшы ҳүжжет шәрт пе?
Шәрт болады. Сайлаўшы участка сайлаў комиссиясының ағзасына өз шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжеттин көрсетип, сайлаўшылар дизимине қол қойғанынан кейин оған сайлаў бюллетени бериледи.
4. Пуқараның фамилиясы сайлаўшылар дизиминде болмағанда қандай ҳәрекетлер болады?
Бундай жағдайда сайлаўшы шахсын, пуқаралығы ҳәм жасаў орнын тастыйықлаўшы ҳүжжети тийкарында сайлаўшылар дизиминиң қосымшасына киргизиледи ҳәм оған сайлаў бюллетени бериледи.
5. Даўыс бериў ўақтында сайлаў бюллетени бузылса ше?
Сайлаўшының өтинишине көре жаңасына алмастырылыўы мүмкиншилиги болады.
6. Даўыс бериў бөлмесине жақын ағайинлер менен бирге кирсе бола ма?
Даўыс бериў бөлмесинде сайлаў бюллетенин толтырыў ўақтында даўыс бериўши шахстың өзинен басқа шахслардың болыўы қадаған етиледи.
7. Сайлаўшы бюллетенин ғәрезсиз толтырыў имканиятына ийе болмаса ше?
Бундай жағдайда өз қәлеўине көре жасырын даўыс бериў бөлмесине басқа шахсты шақырыўға ҳақылы. Сайлаў комиссиясы қурамына киретуғын шахслар, бақлаўшылар ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери шақырыўға болатуғынлар қатарына кирмейди.
8. Ўақтынша жасаў орны бойынша да сайлаўда қатнасыў мүмкин бе?
Қатнасыў мүмкин. Сайлаў күнине шекем ямаса сайлаў күни 18 жасқа толған пуқаралар турақлы ямаса ўақтынша жасаў орынларындағы сайлаў участкасында даўыс бериўи ҳуқықына ийе.
9. Ден саўлығы ямаса басқа себеплерге бола даўыс бериў орнына келе алмаған сайлаўшыларға қандай мүмкиншиликлер болады?
Сайлаў участкасы тийисли комиссияның кеминде 2 ағзасы көшпели сайлаў қутысы менен сайлаўшының турған орнына барып сол жерде даўыс бериў мүмкиншилигин жаратады.
10. Кимлер даўыс бериў ҳуқықына ийе емес?
Өзбекстан Республикасы Сайлаў кодексиниң 5-статьясына тийкар
- суд тәрепинен қатнасық уқыплылығына ийе емес деп табылған;
- аўыр ҳәм жүдә аўыр жынаятлар ислегени ушын судтың ҳүкими менен еркинен айырыў орынларында сақланып атырған шахслар.
Сораў-жуўапты таярлаған:
Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги
Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими баслығы
Отеулиев Абилкасым Отегенович