Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

18

Әдиллик министрлиги сайлаўға шақырады


диллик министрлиги сайлаўға шақырады
Бәршемизге мәлим, 2019-жылы 22-декабрь сәнесинде мәмлекетимизде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы, Қарақалпакстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм ўәлаятлар, район, қала халық депутатлары кеңеслерине сайлаўлар болып өтеди.
Бул сайлаўларда халқымыздың белсене қатнасын тәмийинлеў     сондай-ақ, сайлаў нызамшылығындағы жаңалықлар менен жақыннан таныстырыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен “Әдиллик министрлиги сайлаўға шақырады” акциясы шөлкемлестирилди.
Акция шеңберинде Қарақалпакстан телеканалы менен биргеликте халқымыздың сайлаўлардан қай дәрежеде  хабардар екенлигин билиў мақсетинде социаллық сораўлар өткерилди. Социаллық сораўлар нәтийжесинде пуқараларымыздың басым көпшили өз сиясий ҳуқықларынан пайдаланып, сайлаўларда қатнасатуғынлығын билдирди.
Деген менен, айрым пуқараларымыздың яғный сырт елден жақын арада келгенлиги ушын еле сайлаўлардан хабардар емес екенлигиде анықланды.     Бул пуқараларымызға  сайлаў ҳәм сайланыў ҳуқықлары ҳақкында қәнигелер тәрепинен түсиниклер берди.
Сондай-ақ, пуқараларымызға бийпул ҳуқықый мәслаҳат бериўши "@huquqiy_axborot" каналы  ҳәм "advice.uz" ҳуқықый мәлимлеме порталынан пайдаланыў бойынша мағлыўматлар берилди.

Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги