Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

06

Жеке тәртиптеги үй-жай қурыў ушын жер участкалары аукцион арқалы сатылады


Жеке тәртиптеги үй-жай қурыў ушын жер участкалары аукцион арқалы сатылады


Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 28.01.2019-жылғы 63-санлы Қарарына тийкар, ендигиден былай, жеке тәртиптеги үй-жай қурыў ушын жер участкаларын алыў (e-auksion.uz) электрон аукционлар өткериў жолы менен әмелге асырылады.
Жеке тәртиптеги үй-жай қурыў ушын 0,04 гектар ҳәм усы көлем шеңбериндеги жер участкаларына мийрас етип қалдырылатуғын өмирлик ийелик етиў ҳуқықы E-ijro auksion арқалы сатылады.
Жеке тәртиптеги үй-жай қурыў ушын жер участкаларын аукционсыз, қаза тапқан әскерий хызметкерлердиң шаңарақ ағзаларына, мәмлекет ҳәм жеке үй-жай фондындағы өзлери ийелеп турған үй-жайды район (қала) ҳәкимликлерине өткерилген пуқаралар ҳәм мүлкдарларға бериледи. Жер участканы бериў бойынша жеңилликлер бир шаңараққа бир мәрте (мүлкдардың атына) бериледи ҳәм шаңарақтың басқа ағзаларына қолланылмайды.
Жеке тәртиптеги үй-жай қурыў ушын жер участкаларын аукционсыз алыў тәртиби, арза район (қала) ҳәкимлигине бериледи ҳәм комиссия тәрепинен он күнде көрип шығылады.
Комиссия унамлы жуўмақ шығарса ҳәким жер участкасын бериў ҳаққында бир күн ишинде қарар қабыллайды ҳәм үш күнде жер участкасы шегаралары өлшеп бериледи.
Жер участкаларын аукцион арқалы алыўда, аукционлар өткерилиўи ҳаққындағы хабарнамалар 30 күн алдын «Электрон онлайн-аукционларды шөлкемлестириў орайы»ның веб-порталына жайластырылады.
Аукционда қатнасыўға буйыртпаларды қабыллаў хабарнама жайластырылған күннен баслап веб-порталда автоматикалық түрде басланады ҳәм аукционды өткериў күнинен еки жумыс күн алдын (саат 13:00де) жуўмақланады.
Аукцион жумыс күни даўамында саат 09:00ден 18:00ге шекем өткериледи. Басланғыш баҳа сыпатында аукцион объектиниң минимал қунына тең баҳа белгиленеди. Аукцион жеңимпазы бес жумыс күнинен кешиктирмей жер участкасының пулын төлеўи керек.
Белгиленген мүдетте пул төленбесе аукцкион нәтийжеси бийкарланады ҳәм жеңимпаздан кейин жер участкасының баҳасы бойынша ең жоқары ставканы қойған аукцион қатнасыўшысына жер участкасын алыў ҳаққында усыныс жибериледи.

Қоңырат районы әдиллик бөлими
баслығы                                                                                                                Ж.Мамбедуллаев