Янгиликлар
03
Конституциямызда – инсан ҳуқықлары ең жоқары қәдирият
Конституция ең алды менен инсан ҳуқықларын ең жоқары қәдирият екенлигин аңлатыўшы, еркинликлерин беккемлеўши ҳәм кепиллеўши, сондай-ақ жәмийетлик структура тийкарларын, басқарыў формасы ҳәм мәмлекетлик дүзим тийкарын, олардың ўәкилликлери ҳәм өз-ара мүнәсибетлерин белгилейтуғын тийкарғы ҳүжжет есапланады.
Конституцияның жаратылыў тарийхына нәзер салсақ, Конституция жойбарын жаратыўда, оны қабыл етиўде тиккелей халықаралық ҳуқықтың улыўма тән алынған қағыйдаларының, халык мәпиниң бәрше нәрседен үстинлиги, инсан, оның ажыралмас ҳуқықларының ең жоқары қәдирият сыпатында тән алынғанлығын көриўимиз мүмкин.
Өзбекстан Республикасы Конституциясы инсан турмысындағы бәрше мүнәсибетлерди тәртипке салыўды белгилеп бериўши тийкарғы ҳүжжет. Бунда Өзбекстан Республикасының суверен демократиялық Республика екенлиги, яғный мәмлекет өзиниң ишки ҳәм сыртқы сиясатын ғәрезсиз белгилеўи, демократияның болса улыўма инсаныйлық принциплерге тийкарланыўы, олардан инсан, оның өмири, еркинлиги, абыройы, қәдир-қымбаты ҳәм басқада қол қатылмаслық ҳуқықлары жоқары қәдирият есапланады. Сондай-ақ, инсан ҳуқық ҳәм еркинликлери ҳәм олардың мәмлекет тәрепинен тәмийинлениўин, Өзбекстанның ҳәкимшилик-аймақлық дүзилиси, мәмлекетлик ҳәкимиятының шөлкемлестирилиўи ҳәм Конституцияға өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў мүнәсибетлерин тәртипке салыўшы нормалар белгилеп берилген.
Конституциямызда көрсетилген усы мүнәсибетлерди әмелге асырыў мақсетинде нызамлар ҳәм басқа да нызам асты ҳүжжетлери қабыл етилмекте.
Бүгинги күнде мәмлекетимизде тийкарғы нызамымыздың ҳәр бир статьясында белгилеп берилген нормалардың әмелде тәмийинленип атырғанлығын көриўимиз мүмкин.
Мысалы ретинде қарасақ, Конституциямыздың 2-статьясында Мәмлекет ҳалық ерк-ықрарын билдирип, оның мәплерине хызмет етеди, ал 7-статьясында болса Халық ҳәкимиятының бирден-бир дереги деп белгиленген.
Бүгин ҳүрметли Президентимиз тәрепинен белгилеп берилген «Халық мәмлекетлик органларға емес, мәмлекетлик органлары халыққа хызмет етиўи керек» деген принцип бәрше буўындағы басшылар искерлигинде тийкарғы қағыйдаға айланыўы керек екенлиги белгилеп берилди. Нәтийжеде ҳәр бир басшы, жуўапкер хызметкерлер орынларға шығып, халқымызға мүнәсип турмыс шараятын тәмийинлеў мақсетинде олардың машқалаларын үйрениў ҳәм сапластырыў бойынша унамлы жумысларды жан күйдирип әмелге асырмақта.
Мәмлекеттиң раўажланыўы әлбетте оның сырткы сиясаты менен де тығыз байланыслы. Конституицямыздың 17-сататьясында Өзбекстан Республикасының сырткы сиясаты ҳәм оны әмелге асырыўдың тийкарғы принциплери белгиленген. Сыртқы сиясий искерликтиң бас мақсети – мәмлекет ғәрезсизлиги ҳәм суверенитетин, халықаралык майдандағы орны ҳәм ролин беккемлеў, халқымыздың тынышлығын тәмийинлеў, республиканың сыртқы экономикалық мәплерин белсене түрде илгери сүриўден ибарат.
Бүгинги күнде мәмлекетимиз халықаралық қатнасықлардың тең ҳуқықлы ағзасы есапланады. Өзбекстан Республикасы дүньяның 130 дан аслам мәмлекетлер менен дипломатиялық байланыслар орнатқан, 100 ден аслам абыройлы халықаралық шөлкемлердиң ағзасы есапланады.
Усы жылдың 16-ноябрь күни қабыл етилген “Миллетлераралық мүнәсибетлер тараўында Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик сиясаты концепциясын тастыйықлаў ҳаққында”ғы Президент Пәрманы қабыл етилди.
Инсан ҳәм пуқаралардың тийкарғы ҳуқықлары, еркинликлери ҳаққында сөз еткенимизде, алды менен Инсан ҳуқықлары жержүзлик декларациясында белгилеп берилген ҳәр бир ҳуқық нормасы Конституциямызда өз көринисин тапқанлығын айтыўымыз лазым ҳәм бул ҳуқық ҳәм еркинликлер мәмлекет тәрепинен тәмийинленбекте. Мысал ретинде айтатуғын болсақ, пуқараның мүлкдар болыў ҳуқықы, мийнет етиў ҳуқықы, халық бәнтлигин тәмийинлеў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, исбилерменликти раўажландырыў арқалы ҳәр бир инсанның, оның шаңарағының, жәмийеттиң, мәмлекеттиң экономикалық раўажланыўына қаратылған бир қанша ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилмекте.
Мәмлекетимизде Бизнес Омбудсман институтының, Бас министрдиң исбилерменлер ҳуқықларын қорғаў бойынша қабыллаўханасының, Инновацион раўажланыў министрлигиниң шөлкемлестирилиўи, ҳәр бир шаңарақ исбилермен ямаса Жаслар келешегимиз қурыўшысы мәмлекетлик дәстүрлериниң ислеп шығылыўы, исбилерменлик субъектлери искерлигин режеден тысқары ҳәм альтернатив тексериўлер бийкар етилгенлиги, пуқаралардың өзбасымшалық пенен қурылған турақ жайларға қарата мүлк ҳуқықын тән алыў бойынша бир мәртелик улыўма мәмлекетлик акциясы- булардың бәршеси тийкарғы нызамымызда белгилеп берилген ҳуқықларымыздың әмелде тәмийинлениўине хызмет етпекте. Бундай мысалларды ҳәр бир тараўда келтириўимиз мүмкин. Ең тийкарғысы бул реформалар халыкаралық шөлкемлер тәрепинен жоқары дәрежеде баҳаланбақта.
Бүгин Өзбекстан аймағында жасап атырған ҳәр бир пуқара мәмлекетимиздеги реформаларды терең аңламақта.
2019-жылда 76 нызам, 1100 ден артық қарарлар, Президентимиздиң 100 ге жақын Пәрманлары қабыл етилди.
Мине усы өткен жыллар даўамында мәмлекетимиздеги түп реформа ҳәм өзгерислердиң бәршеси Конституциямыз тийкарында әмелге асырылмақта. Бул болса оның ҳақыйқаттан да халқымыз мәплерине, мәмлекетимиздиң стратегиялық мақсетлерине толық жуўап беретуғын, ҳәр тәреплеме пухта исленген зәрүр сиясий ҳүжжет екенлигин дәлийиллейди.
Мәмлекет ҳәм жәмийет раўажланыўы, суд-ҳуқық тараўындағы реформалар нәтийжесинде Конституциямызға усы күнге шекем 14 мәрте өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилди.
Киргизилген ақырғы өзгерислер суд ҳәкимияты системасы, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты органларының искерлигиндеги реформалар, сайлаў системасы менен байланыслы. Атап айтатуғын болсақ, 2018-жыл 15-октябрь күни Өзбекстан Республикасының 498-санлы Нызамы менен Конституциямыздың 105-статьясына өзгерис кирди.
Алдынғы редакциясында посёлкаларда, аўылларда сондай-ақ олар қурамындағы мәҳәллелерде ҳәмде қалалардағы мәҳәллелерде пуқаралардың жыйынлары өзин-өзи басқарыў органлары болып, олар еки ярым жыл мүддетке баслықты (ақсақалды) ҳәм оның мәсләҳәтшилерин сайлайды деп көрсетилген еди. Жаңа редакцияда “оның мәсләҳәтшилери” сөзлери шығарып тасланды.
2019-жыл февраль айында киргизилген өзгерис пенен миллий қәўипсизлик хызмети деген сөз мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети деген сөзлер менен алмастырылды.
2019-жыл 5-март күни 527-сан нызам менен 79, 93, 98-статьяларына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилди.
Мысалы,93-статьяда Өзбекстан Республикасы Бас министриниң Өзбекстан Республикасы Олий Мәжлисиниң Нызамшылық палатасы мақуллағанынан кейин киргизилген усынысқа көре Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети ағзаларын тастыйыклайды ҳәм лаўазымларынан азат етеди».
Яғный ендигиден былай Министрлер Кабинети ағзаларын тастыйықлаў ҳәм лаўазымларынан азат етиўде Олий Мажлистиң Нызамшылық палатасы мақуллаўы лазымлығы белгилеп берилди.
2019-жыл 4-сентябрь күни Конституциямыздың 117-статьясына өзгерис киргизилди.
Хабарыңыз бар, Сайлаў кодекси тастыйықланыўы менен сайлаўға тийисли айырым нызамлар өз күшин жоғалтты.
Усы реформалар нәтийжесинде, Конституциямыздың 96-статьясындағы “Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы ҳаққында”ғы Нызамға” деген сөзлер “нызамға” деген сөзлер менен алмастырылды. 117-статьяның 8-бөлиминдеги «Өзбекстан Республикасының сайлаў ҳаққындағы ҳәмде референдум ҳаққындағы нызамларына» деген сөзлер шығарып тасланды.
Сондай-ақ, 117-статьяның 4-бөлими Суд тәрепинен ҳәрекетке уқыпсыз деп табылған, сондай-ақ аўыр ҳәм жүдә аўыр жынаятлар ислегенлиги ушын судтың ҳүкими менен еркинен айырыў орынларында сақланып атырған шахслар сайлаўда қатнаспайды деп өзгертилди.
Жуўмақ ретинде соны айтып өтиўимиз керек, мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған ҳәр бир реформа халық ушын, оның мәпи ушын хызмет етиўи менен әҳмийетли есапланады.
Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги
Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими баслығы
Отеулиев Абилкасым Отегенович
Нөкис қаласы 2019-жыл 3-декабрь