Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

22

IMEI-код ҳаққында нелерди билиў керек?


IMEI-код ҳаққында нелерди билиў керек?
Усы күнлерде мобиль қурылмалардың (планшет, смартфон ҳәм басқалар) IMEI-кодын дизимнен өткериў мәселеси актуал болып турыпты. Бир қараўда оғада технологиялық, қурамалы, бирақ ҳәр бир пуқара ушын әҳмийетли болған усы система ҳаққында көплеген сораўлар жүзеге келмекте. Усыны итибарға алып IMEI-код ҳаққында ең көп берилип атырған актуал сораўларға айдынлық киргиземиз.
Дыққат! Бул ҳәмме билиўи лазым болған мағлыўматлар, себеби жақында IMEI-кодларды бийпул дизимнен өткериў ушын берилген мүддет тамамланады.
IMEI-код не?
Мобиль қурылмалардың 15 ханалы номери IMEI-код деп аталады. IMEI-код барлық мобиль қурылмаларда бар болып, SIM-картаның ҳәр бир слотине өз алдына бериледи. Егер мобиль қурылмаларда SIM-карталардың еки ямаса оннан көп слотлары бар болса, усы мобиль қурылма еки ямаса оннан артық IMEI-кодларға да ийе болады.
Демек, егер Сизде еки SIM-карта менен ислейтуғын мобиль қурылмаңыз болса, еки IMEI-кодты да дизимнен өткериўиңиз лазым.
IMEI-кодты дизимнен өткериў не ушын керек?
мобиль қурылмалардың IMEI-коды/кодларын тексериў арқалы сапасыз, инсан ден саўлығына зыян келтиретуғын ҳәм республика аймағына нызамсыз жол менен алып кирилген қурылмалар саўдасының алдын алыў ушын;
мобиль қурылма жойтылып қалған ямаса урланған жағдайда оның излеў жумысларын оператив әмелге асырыў ушын;
мобиль гаджетлерди қоллаған ҳалда исленетуғын жынаятларды нәтийжели ҳәм оператив ашыў ушын;
Өзбекстан телекоммуникация базарында саламат бәсекилик орталығын қәлиплестириў ушын.
Қурылманың IMEI-кодын қаерден билиў мүмкин?
IMEI-кодты қурылманың клавиатурасында *#06# буйрығын териў арқалы билип алыў мүмкин. Буннан тысқары, усы код қурылманың қутысында, кепиллик картасында ҳәм айрым қурылмалардың батареясы астында жазылған болады.
Қашан дизимнен өткериў керек?
Қурылмаға биринши мәрте SIM-карта қойылғаннан кейин 30 күн ишинде оның IMEI-коды дизимнен өткерилиўи керек.
Мобиль қурылмалардың IMEI-кодлары система операторына мүрәжат етиў арқалы:
1-ноябрден 1-декабрге шекем – бийпул;
1-декабрден кейин – төлем тийкарында дизимнен өткериледи.
Қурылманың IMEI-коды дизимнен өткерилмесе, не болады?
Қурылма арқалы биринши тармақ ҳәдийсеси исленгеннен баслап 30 күн ишинде IMEI-коды дизимнен өткерилмесе, оның SIM-слотине жергиликли байланыс операторы тәрепинен хызмет көрсетиў тоқтатылады. Яғный усы қурылма арқалы уялы байланыс хызметлеринен пайдаланыў имканияты болмайды.
Қурылма IMEI-коды дизимнен өткерилгеннен кейин ғана SIM-слотке жергиликли байланыс операторы тәрепинен хызмет көрсетиў тикленеди.
IMEI-код қанша төлем есесине дизимнен өткериледи?
Бир IMEI-коды ушын БЕМнан процент есабында (2019-жыл 1-сентябрден БЕМ 223 000 сумға тең):
импорт етиўши ушын– 20% (44 600 сум)
ислеп шығарыўшы ушын– 10% (22 300 сум)
физикалық шахс (резидент) ушын биринши тармақ ҳәдийсесинен баслап:
30 күн ишинде – 20% (44 600 сум)
30 күн өткеннен кейин– 25% (55 750 сум)
физикалық шахс (резидент болмаған) ушын:
шет ел SIM-картасынан (роумингдан) пайдаланылғанда – бийпул;
жергиликли SIM-картадан 30 күн ишинде пайдаланылғанда – бийпул;
жергилкли SIM-картадан 30 күн өткеннен кейин пайдаланылганда – 20% (44 600 сум).
Система операторына қалай мүрәжат етиледи?
Буның 5 жолы бар:
1) uzimei.uz сайты арқалы;
2) my.gov.uz сайты арқалы;
3) 1170 номерине SMS жибериў арқалы;
4) *1170# ке USSD сораў жибериў арқалы;
5) Почта байланыс бөлимине ямаса Система операторына (Ташкент қала, Олмазор районы, Себзор кварталы, 18-А мәнзилине) жеке өзи барыў арқалы.
SIM-картаны өзгерткенде, IMEI-кодты қайта дизимнен өткериў керек пе?
Яқ. IMEI-код 1 мәрте UZIMEI системасында дизимнен өткериледи. SIM-карта өзгертирилгенде IMEI-кодты қайта дизимнен өткериў талап етилмейди.
IMEI-кодтың жағдайын қалай тексерсе болады?
1) UZIMEI рәсмий веб-сайты арқалы;
2) 1170 қысқа номерине қоңыраў етиў арқалы;
3) 1170 SMS жиберип ямаса *1170# USSD сораўлары жәрдеминде.


Жоқарыдағы мағлыўматлар Сиз ушын пайдалы болды деп ойлаймыз. Ең тийкарғысы, IMEI-кодты дизимнен өткерип беремен деп үлкен муғдарда қаржы талап етип атырған алдаўшылардың қурбанына айланбаң. Ҳәзирше (1-декабрге шекем), IMEI-кодлар бийпул дизимнен өткерилмекте. 1-декабрден  кейин болса қанша пул есабына дизимнен өткерилиўин билип алдыңыз.
Умытпаң! Ҳәр бир мобиль қурылманың IMEI-коды дизимнен өткерилиўи шәрт!

Шымбай районы әдиллик бөлими
бас мәсләҳәтшиси                                                    А.Палекеев