Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

29

Конституция – пуқаралардың ҳуқықлары ҳәм еркинликлериниң кепили


Конституция – пуқаралардың ҳуқықлары ҳәм еркинликлериниң кепили
Конституция әмелге асырылып атырған демократиялық реформалардың ҳәмде олардың нызамшылық тийкарларын жаратыўдың баслы ҳуқықый тийкары, инсан ҳуқық ҳәм еркинликлериниң исенимли қорғалыўының кепили болып хызмет қылады.
Өзбекстан Республикасы Конституциясы 1992-жыл 8-декабрь күни қабыл етилип, бүгинге шекем бул уллы тарийхый сәне, байрам сыпатында салтанатлы түрде белгиленип келинбекте.
Бүгинги күнде елимизде барлық тараўларда ерисилип атырған жетискенликлеримиз Конституциямызда беккемленип қойылған қағыйда ҳәм принциплер менен тығыз байланыслы.
Конституциямыз ҳуқықый системаның тийкарғы ҳуқықый дереги сыпатында, оған басқа нызамлар қарсы келиўи мүмкин емес. Сонлықтан конституция Тийкарғы нызам есапланады.
Конституциямыздың дүзилисине тоқтап өтетуғын болсақ, ол алғы сөз, 6 бөлим, 26 бап ҳәм 128 статьядан ибарат.
Конституциянының алғы сөзинде конституцияны қабыллаў мақсети белгиленген.
Биринши бөлимде тийкарғы принциплер: мәмлекетлик суверенитет, халық ҳәкимияты, Конституция ҳәм нызамның үстинлиги, Өзбекстан Республикасының халықаралық ҳәм сыртқы экономикалық қатынасықларына арналған.
Екинши бөлимде адамның ҳәм пуқараның тийкарғы ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм миннетлери белгиленген.
Усы тараў улыўма режелер, пуқаралық, жеке ҳуқықлар ҳәм еркинликлер, сиясый ҳуқықлар, экономикалық ҳәм социаллық ҳуқықларды, сондай-ақ инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлериниң кепилликлерин өз ишине алады.
Конституцияда мәмлекеттиң өзи пуқаралардың Конституция ҳәм нызамлар менен беккемленген ҳуқықларын ҳәм еркинликлерин тәмийинлеўи ҳәм ҳәр бир инсанның өз ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин суд арқалы қорғаў арқалы әмелге асырыўы белгиленген.
Конституцияның 14-бабы шаңараққа арналған болып, ата-аналардың балаларын ержеткенге шекем тәрбиялаўы, балалар ержеткеннен кейин ата-аналарына ғамхорлық көрсетиў миннети белгиленген.
Төртинши бөлими Өзбекстан Республикасы ҳәкимшилик аймақлық дүзилисине бағышланған.
Бесинши бөлими мәмлекетлик ҳәкимиятты шөлкемлестириў белгиленген. Усы тараўда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық хәм Сенатының ўәкилликлери, Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм оның ўәкилликлери, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияттың тийкарлары, Өзбекстан Республикасының суд ҳәкимияты ҳәм сайлаў системасы, конституциялық бақлаў, прокуратура, финанс ҳәм бюджет бапларын өз ишине алады.
Алтыншы бөлим конституциямызды өзгертиў тәртибин белгилейди.
Конституцияға өзгерис киргизиў басқа нызамларға қарағанда қурамалы есапланады.
Конституцияға өзгерис Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси депутатларының улыўма санының ең кеминде үштен екисиниң көпшилик даўысы менен ямаса Өзбекстан Республикасы референдумы менен киргизиледи.
Жуўмақлап айтқанда, Өзбекстан Республикасының Конституциясы инсан ҳуқық ҳәм мәплериниң тийкарғы кепили сыпатында халқымыздың арзыў-әрманларын, мақсетлерин жүзеге шығарыўшы ең әҳмийетли ҳүжжет болып есапланады.


Қоңырат районы әдиллик бөлими
бас мәсләҳәтшысы                    М.Сметуллаев