Янгиликлар
20
Турақ жайларға мүлк ҳуқықы белгилеп берилди
Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен Мойнақ районы, “Ҳәким ата” АПЖ, “Әлий” аўылында жасаўшы пуқаралардың жасап атырған турақ жайларын ийелик ҳуқықы менен атына меншиклестирип бериўди сорап жазған мүрәжатлары үйренип шығылды.
Усы аймақта жасаўшы пуқаралардың 74 турақ жайлары ҳәм басқада мал-мүлклери Ургенч районы ҳәкиминиң 2002-жыл 29-март күнги 439-санлы қарары менен шөлкемлестирилген “Қызыл жар” ширкет хожалығы есабында болған ҳәмде усы ширкет хожалығының барлық мал-мүлклери Ургенч районы ҳәкиминиң 2008-жыл 29-март күнги 117-Ф-санлы бийлигине тийкар “Қызыл жар” ЖШЖ балансына өткерип берилген.
Бирақ, Ургенч районы ҳәкимлиги тәрепинен усы аймақта жасаўшы пуқаралардың көп жыллардан бери жасап атырғанлығы, коммунал ҳәм басқада төлемлерди өз ўақтында төлегенлиги итибарға алынбастан, пуқаралардың ийеликлерине меншиклестирип бериў илажлары көрилмеген.
Жоқарыдағыларға ҳәм Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң 187-статьясына тийкарланып, Әдиллик министрлиги тәрепинен пуқараларға мүлк ҳуқықын белгилеп бериўди сорап Пуқаралық ислери бойынша Қоңырат районлараралық судына даўа арзалар киргизилди ҳәм суд тәрепинен 2019-жыл 19-сентябрь күни “Ҳәким ата” АПЖда өткерилген көшпели Суд мәжилисинде, усы аймақта жасап атырған 74 пуқаралардың турақ жайларына мүлк ҳуқықын белгилеп бериў ҳаққында Суд шешими қабыл етилди.
Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги
Инсан ҳуқықларын қорғаў бөлим баслығы
Ғайрат Тлеумуратов