Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

18

Әдиллик бөлим араласыўы менен аталық факт тастыйықланды.


Хожели районы Айдынлар көшеси 31-жайда жасаўшы пуқара Жалғасбаев Қәдирбай мархум баласының перзентине қарата аталық фактын тастыйықлаўда әмелий жәрдем бериўди сорап мүрәжат етти.
Бул мүрәжат район әдиллик бөлими тәрепинен тийисли тәртипте үйренилип шығылғанда пуқара Қ.Жалғасбаевтың перзенти мархум У.Жалғасбаев 2009-жылы пуқара С.Сержанова менен некеден өтпестен турмыс қурып, 2010-жыл 3-февраль күни Сержанова Бахытгул Орынбаевна атлы қызлы болғанлығы ҳәм қызына туўылғанлық ҳаққындағы гүўалық анасы пуқара С.Сержанова тәрепинен жалғыз ана сыпатында ҳүжжетлестирилгенлиги анықланды.
Бөлим тәрепинен жас өспирим Б.Сержанованың ҳуқық ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў мақсетинде Нөкис районлар аралық пуқаралық ислери бойынша судына мархум У.Жалғасбаевтың жас өспирим Б.Сержановаға қарата аталық фактын белгилеп бериў бойынша даўа арза киритилип, қанаатландырылды.
Солай етип, жас өспирим Б.Сержанованың ҳуқық ҳәм нызамлы мәплери қорғалыўы тәмийинленди.


Хожели районы әдиллик бөлими
бас мәсләҳәтшиси
А.Алламуратов