Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

14

Ерли-зайыплының мулк ҳуқықлары ҳәм мәжбүриятлары…


Ерли-зайыплының мулк ҳуқықлары ҳәм мәжбүриятлары…

Ерли-зайыплының неке дәўиринде артырылған мал-мүликлери, сондай-ақ неке дизимге алынғанға шекем болажақ елри-зайыпланың улыўмалық қаржылары есабына алынған мал-мүликлери, егер нызам яки шәртнамада басқаша жағдай көрсетилмеген болса олардың биргеликтеги улыўмалық мүлки болып есапланады.
Ерли-зайыплының бири үй шарўашылығы ислерин жүритиў, балаларды тәрбиялаў менен бәнт болған яки басқа кеширимли себеплерге көре бийғәрез ис ҳақы ҳәм басқа дәраматқа ийе болмаған жағдайда де ерли-зайыплының улыўмалық мал-мүликке тең ҳуқыққа ийе болады.
Ерли-зайыплының биргеликтеги улыўмалық мүлки болған
мал-мүликке ийелик қылыў, оннан пайдаланыў ҳәм оны өзгеге өткериўде тең ҳуқықлы.
Ерли-зайыплыдан бириниң улыумалық мал-мүликти өзгеге өткериў менен байланыслы питим дүзилгенде бул ҳәрекет басқасының разылығы менен әмелге асырылып атырғанлығын аңлатады.
Күйеў (ҳаял) өзиниң атына рәсмийлестирилген улыўмалық көшпес мал-мүликти өзгеге өткериў бойынша питим дүзиў ушын ҳаял (күйеўи)ниң нотариал тәртипте тастыйықланған разылығын алыўы лазым.
Нотариал тәртипте разылығы алынбаған тәғдирде, бул питимди әмелге асырылғанлығын билген яки билиўи лазым болған күннен баслап бир жыл даўамында бул питимди суд тәртибинде ҳақықый емес деп табыўды  талап қылыўға ҳақлы.
Күйеў ҳәм ҳаялдың неке қурғанға шекем өзине тийисли болған мал-мүлки, сондай-ақ олардан ҳәр бириниң неке даўамында саўға, мийсрас ретинде яки басқа бийпул питимлер тийкарында алынған мал-мүлки олардың ҳәр бириниң жеке мүлки болып есапланады.
Ерли-зайыплының улыўмалық мал-мүлки олардың өз-ара келисими тийкар бөлип алыныўы мүмкин. Ерли-зайыплының ықтыяры менен олардың улыўмалық мал-мүлкин бөлиў туўралы келисими нотариал тәртипте тастыйықланыўы мүмкин.
Даўлы болған жағдайларда ерли-зайыплының улыўмалық мал-мүлкин бөлиў, сондай-ақ ерли-зайыплының бул мал-мүликтеги үлесин анықлаў суд тәртибинде анықланады.
Ерли-зайыплының улыўмалық мал-мүликти бөлиўде ҳәмде олардың усы мал-мүликтеги үлеслерин анықлаўда, егер ерли-зайыплының неке шәртнамасында басқаша жағдай нәзерде тутылмаған болса, ерли-зайыплының үлеслери тең деп табылады.
Суд жас өспирим балалар мәплеринен ҳәм ерли-зайыплыдан бириниң итабарға ылайық мәплерин есапқа алып, сол қатарда егер күйеўи яки ҳаялы кеширимли себеплерсиз дәрамат алмаған болса ямаса ерли-зайыплының улыўмалық мал-мүликти шаңарақ мәплерине зыян жеткерген ҳалда сарыплаған болса, ерли-зайыплының улыўмалық мал-мүликтеги үлеслери теңлигин шеклеўге ҳақлы.
Ерли-зайыплының улыўмалық мал-мүлкин бөлиўде ерли зайыплының улыўмалық карызлары оларға белгиленген үлеслерге тең (пропорционал) рәўиште екеўиниң арасында бөлистириледи.
Ерли-зайыплыдан бири улыўмалық мал-мүлкин күйеўи яки ҳаялдың еркине қарсы рәўиште ҳәм шаңарақ мәплерине сай болмаған ҳалда өз қәлейине көре сарыплаған яки өзгеге өткерген болса, оны бөлиўде бул
мал-мүлик яки оның баҳасы есапқа алынады.

Қарақалпақстан Республикасы
Әдиллик министрлиги
Ҳуқықый хызмет көрсетиўди мәмлекет
тәрепинен тәртипке салыў бөлими
жетекши мәсләҳәтшиси                    А.П.Абатов