Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

29

Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери ўәкиллери Әдиллик министрлигиниң ҲҮРМЕТ ЖАРЛЫҒЫ менен сыйлықланды.


Бир қатар мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери ўәкиллерин 1-сентябрь – Ғәрезсизлик байрамы мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң
ҲҮРМЕТ ЖАРЛЫҒЫ менен сыйлықланды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл
13-апрелдеги “Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги искерлигин еледе жетилистириўге тийисли шөлкемлестириў ис-илажлары ҳаққында”ғы ПҚ-3666-санлы қарарына муўапық, министрлик мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлериниң искерлигин раўажландырыў саласында мәмлекетлик сиясатты жүритиўи, олардың мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлери менен өз-ара шерикшилигин шөлкемлестириўге көмеклесиў ўазыйпасы жүклетилген.
Усы мүнәсибет пенен, министрлик тәрепинен мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерин раўажландырыў ҳәм олардың искерлигин ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бойынша сезилерли дәрежеде жумыслар алып барылмақта.
Бүгинги күнде Республикада әдиллик уйымлары тәрепинен 9.500 дан артық мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери дизимнен өткерилген болып, олар денсаўлықты сақлаў, экология ҳәм қоршаған орталық, ветеранлар ҳәм майыплығы болған шахсларды қоллап-қуўатлаў, исбилерменликти раўажландырыў ҳәм басқа салаларда өз жумысларын әмелге асырмақта.
Усы шөлкемлерде болса, мәмлекетимиздиң социал-экономикалық раўажланыўына салмақлы үлесин қосып атырған мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери де бар болып, олардың искерлигин әдиллик уйымлары тәрепинен мүнәсип сыйлықлаў мақсетке муўапық есапланады.
Усыған көре, 1-сентябрь – Ғәрезсизлик күни қарсаңында байрам мүнәсибети менен социаллық шерикшиликти беккемлеўдеги нәтийжели мийнети ҳәмде пуқаралық жәмийетин раўажландырыўдағы искерлиги ушын төмендеги мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери хызметкерлери Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң Ҳүрмет жарлығы менен сыйлықланды.
1. Өзбекстан Көзи әззилер жәмийетиниң Қарақалпақстан бөлими баслығы – Шарапов Куатбай.
2. Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары жумысларын муўапықластырыў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығының биринши орынбасары – Романов Тажибай Ниетуллаевич.
3. “Ўзбекистон Махсус Олимпиадаси” Республика жәмийетлик бирлеспесиниң Қарақалпақстан бөлими баслығы – Турсымуратова Гулшат Умирбековна.
4. Өзбекстан Жаслар аўқамының Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығы – Данияров Абатбай Сапарбаевич.
5. Қарақалпақстан Кореецлар Ассоциациясының баслығы – Когай Марина Александровна.
6. Өзбекстан Қорғаныўға көмеклесиўши “Ватанпарвар” шөлкеми Қарақалпақстан Кеңеси Баслығы – Разбеков Қуатбай Унгарбаевич.
7. Өзбекстан тутыныўшылар ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери федерациясының Қарақалпақстан бөлими баслығы –  Урумбаев Ахмет Нағметович.
8. Өзбекстан “Ёшлик” физикалық тәрбия ҳәм спорт жәмийетиниң Қарақалпақстан аймақлық бөлими баслығының орынбасары – Байниязов Батыр Шукруллаевич.
9. “Исеним” мәлимлеме ағартыўшылық ресурс орайы баслығы – Нурманов Бердимурат.
10. Өзбекстан тутыныўшылар ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери федерациясының Қарақалпақстан бөлими баслығының Жаслар мәселелери бойынша орынбасары – Сайдаҳмадов  Шуҳрат Бахтиёр ўғли.


Мәмлекетлик емес
коммерциялық емес
шөлкемлери бөлими
бас мәсләҳәтшиси                        И. Алдабергенов