Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

27

Бозатаў районында әдиллик бөлими тәрепинен биринши пуқараның мүрәжаты қабыл етилди


Жаңадан шөлкемлестирилген Бозатаў районында әдиллик бөлими тәрепинен биринши пуқараның мүрәжаты қабыл етилди. Бозатаў районы “Қазанкеткен” АПЖ аймағында жасаўшы пуқара О.Ниетуллаева өзине үй-жай қурыў мақсетинде жер ажыратыў бойынша ҳуқықый түсиник сорап мүрәжат етти.
Мүрәжат бойынша пуқараға ҳуқықый түсиниклер берилди.
Мрәжат ийеси тәрепинен мүрәжаттың тез ўақыт ишинде корип шығылғаны, районда әдиллик бөлими жумыс баслағанлығы ҳәмде Мәмлекетимиз тәрепинен жер ажыратыў ҳәм ийе етиўге байланыслы жаңадан қабыл етилип атырған нызам ҳүжжетлеринен мағлыўматқа ийе болғанлығы ушын миннетдаршылық билдирилди.