Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

23

Инсан хуқықлары – ең жоқары қəдирият


Соңғы жылларда мəмлекетимизде барлық тараўларда реформалар əмелге асырылмақта. Инсанның мəплери, ҳуқықлары жоқары қəдирият есапланып жəмийетимиздеги бəрше өзгерислер инсан мəплери ушын ураны тийкарында болып атыр.
Қанлыкөл районы əдиллик бөлими тəрепинен «Инсан ҳуқықы-жоқары  қəдирият» принципи тийкарында бир қанша ислер əмелге асырылмақта.        
Бөлим тəрепинен 2019-жылдың биринши ярым жыллығында 80 мүрəжат қабыл етилип, соннан 42 мүрəжат қанаатландырылды.
Булар ис ҳақы, напақа, медицина, мийнет нызамшылығы ҳəмде басқада мазмундағы мүрәжатлар болып есапланады.
Мәселен, Қанлыкөл районы Ҳажы Палўан көшесинде жасаўшы, Қанлыкөл районы медицина бирлеспесинде улыўма əмелият шыпакери болып ислеўши пуқара С.И бөлимге өзине қолланылған интизамый жазаларды надурыс деп есаплап нызам шеңберинде қайта көрип шығыўды сорады. Пуқараның мүрəжаты бойынша бөлимниң 2019-жыл 11-июнь күнги 5-С санлы буйрығына тийкар  2019-жыл 11-июнь күни медицина бирлеспесинде үйрениў өткерилип, үйрениў даўамында мүрәжатта көрсетилген барлық ўəжлер үйренилип, тийисли мағлыўматлар топланды. Үйрениў дəўиринде Қанлыкөл районы медицина бирлеспеси тəрепинен 2019-жыл 25-апрель күнги №76 §4-санлы буйрығы менен пуқара С.И ға «Сөгис» интизамый жазасын қолланыўда түсиник хаты алынбағанлығы ҳəм буйрық пенен таныстырылмағанлығы, пуқара С.И ға 2019-жыл 20-май күнги №95 §7-санлы буйрығына тийкар ис ҳақысының 20% услап қалыў интизамый жазасын қолланыўда пуқара С.И ды буйрық пенен таныстырылмағанлығы ҳəмде буйрық медицина бирлеспесиниң юристконсульти тəрепинен экпертизадан өткерилмегенлиги ямаса қол қойылмағанлығы анықланды. Сондай-ақ, Қанлыкөл районы медицина бирлеспеси тəрепинен Өзбекстан Республикасы Мийнет кодексиниң 182-статьясы талаплары бузылғанлығы анықланды ҳəмде бөлим тəрепинен медицина бирлеспесиниң 2019-жыл 25-апрель күнги №76 §4-санлы ҳəмде 2019-жыл 20-май күнги №95 §7-санлы буйрықларын бийкарлаў ҳаққында усыныс киритилип,  усынысты көрип шығыў нəтийжелерине көре медицина бирлеспесиниң 2019-жыл 25-апрель күнги №76 §4-санлы ҳəмде 2019-жыл   20-май күнги №95 §7-санлы буйрықлары бийкарланды ҳəмде нызамбузыўшылыққа жол қойған жуўапкер шахслар интизамый жуўапкершиликке тартылды, пуқара С.И ға ис ҳақысынан услап қалынған 346384(үш жүз қырық алты мың үш жүз сексен төрт мың) сўм жәрийма пулы қайта төлеп берилди. Пуқара С.И диң мүрəжаты толығы менен қанаатландырылды.

Қанлыкөл районы əдиллик
бөлими баслығы                                                            
Т.Асанов