Янгиликлар
23
Инсан ҳуқықлары – ең жоқары қәдрият
Хожели районы әдиллик бөлими тәрепинен пуқара Т.Сейтжанованыӊ “Хызмет сапарында болған дәўири ушын сапар қәрежетлери төлеп берилмей атырғанлығынан” наразы болып жазған мүрәжаты үйренилип шығылды.
Үйрениў даўамында Т.Сейтжанова буйрық тийкарында 2019 жыл 1-31 май аралығында Ташкент қаласында хызмет сапарында болғанлығы, ҳақыйқаттанда үйрениў күнине шекем хызмет сапары қәрежетлери төленбегенлиги анықланды. Бул бойынша Т.Сейтжанованыӊ жумыс орны яғный Республикалық 3-санлы арнаўлы мектеп интернатына хызмет сапары қәрежетлерин төлеп бериў ушын усыныс киритилиўине қарамастан төлемегенлиги себепли, Хожели районы Бәнтликке көмеклесиў орайына Өзбекстан Республикасы Хәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиӊ 49-статьясы менен интизамий жуўапкершиликке тартыў мәселесин көрип шығыў ушын усыныс киритилип, мектеп-интернаттын бас есапшысы ў.ў.а. Х.Каллихоразова ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылды.
Хызмет сапары қәрежетлери толығы менен өндирилип, Т.Сейтжанованыӊ арзасы толық қанаатлантырылды.
Хожели районы әдиллик бөлими
жетекши мәсләҳәтшиси А.Гулимбетов