Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

14

МӘМЛЕКЕТЛИК ЕМЕС КОММЕРЦИЯЛЫҚ ЕМЕС ШӨЛКЕМЛЕРИ СИСТЕМАСЫНДА НЫЗАМЛЫЛЫҚТЫ ТӘМИЙИНЛЕЎ ҲӘМ НЫЗАМШЫЛЫҚТАҒЫ АҚЫРҒЫ ӨЗГЕРИС ҲӘМ ҚОСЫМШАЛАР ҲАҚҚЫНДА ОҚЫЎ-СЕМИНАРЫ


Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң басламасы менен мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери ўәкиллери қатнасында оқыў-семинары болып өтти.
Күн тәртибиндеги мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министри орынбасары Э.Турсунов шығып сөйлеп, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2014-жыл 10-мартдағы 57-санлы қарарының орынланыўы бойынша Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер бөлими тәрепинен усы жылдың май айында қайта дизимнен өтиўи лазым болған мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди белгиленген тәртипте мониторинг өткерилип шығылғанлығы, мониторинг нәтийжелерине көре, 58 мәмлекетлик емес коммреициялық емес шөлкемлерди қайта дизимнен өткериў зәрүрлиги атап өтилди.
Усы анықланған шөлкемлер баслықлары ҳәмде жуўаплы хызметкерлери менен бирме-бир сәўбетлесиўлер өткерилип керекли болған хүжжетлерди министрликке усынылыўы кереклиги түсиндирилди.
Жоқарыда көрсетип өтилген мәселелер бойынша министрликтиң мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер бөлими баслығы З. Ходжахметов баянат жасады.
Усыннан соң, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери искерлигиндеги нызамшылықтағы өзгерис ҳәм қосымшалардың
мазмун-әҳмийети бойынша министрлик бас мәсләҳәтшиси И. Алдабергенов шығып сөйлеп, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң жумысларын сапалы алып барыўда тийисли болған көрсеткишлер ҳәмде нызамшылықта болып атырған ақырғы өзгерислер ҳаққында толық түсиндириў жумыслары алып барылды.

Мәмлекетлик емес
коммерциялық емес
шөлкемлери бөлими
бас мәсләҳәтшиси,
2-дәрежели юрист            ИСАТАЙ АЛДАБЕРГЕНОВ