Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

31

Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигинде пуқаралар, ғалаба хабар қураллары ўəкиллери ҳəм студент жаслар қатнасында «Ашық есиклер күни» илажы өткерилди.


Өзбекстан Республикасы əдиллик министриниң 2019-жыл 1-майда 141-ум-санлы «Əдиллик органлары ҳəм мəкемелери хызметкерлериниң ҳуқықый мəдениятын жəнеде жетилистириў ҳəмде əдеп-икрамлық қағыйдаларына катаң əмел етилиўин тəмийинлеў ис-илажлары ҳаққында»ғы буйрығы қабыл қылынды.
Буйрыққа тийкар əдиллик органлары ҳəм мəкемелери искерлигинде коррупция ҳəм баска ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўға, олардың болыўының себеплери ҳəм шəрт-шараятларын сапластырыўға, сондай-ақ əдиллик органлары хызметкерлериниң ҳуқықый мəдениятын жəнеде жетилистириў ҳəм оларды нызам ҳүжжетлерине, пуқаралардың ҳуқықлары ҳəм еркинликлерине катаң əмел етиў руўхында тарбиялаў мақсетинде 2019-жылдың 5 май - 5 июнь күнлери бəрше əдиллик органлары ҳəм мəкемелеринде «Ҳуқықий мəденият ҳəм Əдеп-икрамлық айлығы» деп белгиленди.
Ҳəр бир əдиллик органлары ҳəм мəкемеси хызметкери өз хызмет ўазыпаларын ҳүжданы менен ҳəм ҳадал орынлаўы, өз маманлығын жоқары дəрежеде тутып турыўы, өзиниң теориялық билимлери ҳəм əмелий көнликпелерин турақлы рəўиште жетилистирип барыўы кереклиги белгилеп койылды.
«Ҳуқықый мəденият ҳəм Əдеп-икрамлық айлығы»нда əмелге асырылатуғын илажларды өткериў бойынша «Жол карта»сы тастыйықланып, усы «Жол картасы»ның 9-бəнтине тийкар усы жылдың 31-май күни Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигинде пуқаралар, ғалаба хабар қураллары ўəкиллери ҳəм студент жаслар қатнасында «Ашық есиклер күни» илажы өткерилди.
«Ашық есиклер күни» илажы даўамында министрлик ҳәм оның қурамлық уйымлары тәрепинен усы жылдың 5 айы даўамында әмелге асырған жумыслары пуқаралар, ғалаба хабар қураллары ўəкиллери ҳəм студент жаслар итибарына жеткерилип, илаж қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.
Сондай-ақ «Ашық есиклер күни» илажы даўамында пуқаралардан келип түскен мүрәжатлар дизимге алынып, олардың орынланыўы қадағалаўға алынды.

Шөлкемлестириў-қадағалаў ҳəм таллаў
ислери бөлими баслығы                                                       Т.Калиллаев