Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

06

КОРРУПЦИЯҒА ҚАРСЫ ГҮРЕСИЎ ҲӘР БИР ПУҚАРАНЫҢ МИННЕТИ!


КОРРУПЦИЯҒА ҚАРСЫ ГҮРЕСИЎ
ҲӘР БИР ПУҚАРАНЫҢ МИННЕТИ!

Коррупция сөзи– латын тилинен“korruptio” – бузыў, сатыпалыў, пара берип өзине қаратып алыў мәнисин береди.
Коррупция тек ғана жынаят ҳуқықының яки криминологияның машқаласы емес. Коррупция қурамалы сиясий, экономикалық ҳәм әдеп икрамлылық мазмунға ийе болған кең көлемли машқала есапланады.
Теориядағы илимпазлар, сиясатшылар ҳәм әмелиятшылар ортасында коррупция түсиниги ҳаққында ҳәр қыйлы пикирлер бар. Айырым илимпазлар коррупция бул пара ушын сатылыў десе, айырымлары коррупция –кең көринисиндеги жынайый бирлеспе деп сыпатлама береди.
Теориялық жақтан сыпатлағанда коррупция – булл мәмлекетлик ўазыйпаны атқарыўшы лаўзымлы шахстың яки жуўапкер лаўазымлы шахстың өзи йелеп турған лаўазымы ҳәм лаўазымы менен байланыслы абыройынан, мүмкиншилигинен жеке байлық арттырыў мақсетинде, дәмегөйлик нийетинде
бир шахстың яки бир топар шахслардың мәпин гөзлеп ҳәкимиятқа зыян келтириўи менен байланыслы жәмийетке қәўипли ҳәдийсе.
Илимий әдебиятларда төмендеги себеплер коррупцияны келтирип шығарыўшы улыўмалық себеплер қатарына киреди:
-демократиялық қәдириятлар терең аңланылмаўшылық.
-пуқаралық жәмийети институтларының коррупцияға қарсы гүресиўге жетерли дәрежеде тартылмағанлығы.
-ҳәкимият институтлары системасында нуқсанлар барлығы.
-нызамшылқ техникасы жетерли дәрежеде методикалық тәмийинленбегенлиги ҳәм тийкарғы қағыйдалары турмысқа дурыс енгизилмегенлиги.
Жоқарыдағылар улыўмалық себеплер болса, қәнигелер корупцияны белгилеўши арнаўлы себеплер қатарына айырым тараўлар ҳуқықый тәрептен лазым дәрежеде тәртипке салынбағанлығын ҳәм әмелдеги нызам ҳүжжетлеринде ушырасатуғын кемшиликлерди атап өтеди.
Ҳәр қандай жағдайда да коррупциядан тиккелей жәбир көретуғын
бул жәмийет ҳәм инсәнлар. Сол ушын да дүнья жәмийетшилиги тәрепинен
бул машқала глобал машқала сыпатында тән алынып, оған қарсы гүрестиң мәмлекетлер ортасында муўапықластырылған дәстүрлери ҳәм басқа ҳуқықый нормалары ислеп шығылған.
Солардан бири, БМШниң“Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң коррупцияға қарсы Конвенция”сы глобал шеңберде қабыл етилген халықаралық-ҳуқықый хүжжет болып,Конвенцияда коррупцияға қарсы ҳалықаралықҳәм миллий гүресәмелиятын жолға қойыў,олардыәмелгеасырыў механизмлери бойынша көрсетпелер ислепшығылған.
Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 2003-жыл
31-октябрдеги 58/4-санли Қарары менен қабылланған “Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң коррупцияға қарсы Конвенциясы”ның преамбуласында “Коррупция – бул жәмийетти түрли жоллар менен искенжеге алатуғын қорқынышлы иллетдур. Ол демократия ҳәм ҳуқық үстинлиги тийкарларына зыян жеткереди, инсан ҳуқықлары бузылыўына алып келеди, базарлар искерлигине тосқынлық қылады, турмыс сыпатын төменлетеди ҳәм адамлар қәўипсизлигине сая салатуғын уйымласқан жыныятшылық, терроризм ҳәм басқа қубылыслар тамыр жайып, гүллеўи ушын шараят жаратып береди деп көрсетилген.
БМШниңжоқарыдағықарарының 7-бәнтине тийкар 9-декабрь халықаралық коррупцияға қарсы гүресиў күни деп аталыўы лазымлығы ҳаққында қарар қабыл етилген.
Бул Конвенция 8 баб, 71 статьядан ибәрат.
Конвенцияның 1-статьясында оның мақсетлери белгилеп берилген болып, булар төмендегилер:
-еледе нәтийжели ҳәм тәсиршең рәўиште коррупцияның алдын алыў
ҳәм оған қарсы гүресиўге қаратылған ис-иләжларды қабыл етиў ҳәмде беккемлеўге көмеклесиў;
-коррупцияныңалдын алыўҳәмоған қарсыгүресиўде, сондай-ақ, активлерди қайтарыў бойынша халықаралықбирге ислесиў ҳәмде техник жәрдем көрсетилиўин хошаметлеў, аңсатластырыўҳәм қоллап-қуўатлаў;
-ҳадаллықҳәм садықлық, жуўапкерлилик ҳәмдеғалаба (оммавий)жумыслар ҳәмғалабалық (оммавий) мал-мүлкти талап дәрежесинде басқарыўдыхошаметлеў болып табылады.
Өзбекистан Республикасы бул конвенцияға 2008-жыл 7-июлдеги “Бирлескен миллетлер шөлкеминиң коррупцияға қарсы конвенциясына Өзбекистан Республикасының қосылыўы ҳаққында”ғы ЎРҚ-158-санлы Өзбекистан Республикасы нызамына тийкар қосылған.
Усы нызамға тийкар, Өзбекистан Республикасы Бас прокуратурасы, Ишки ислер министрлиги, Миллий қәўипсизлик хызмети ҳәмӘдилликминистрлиги коррупцияныңалдын алыў бойынша анық ис-иләжлар ислеп шығыўҳәмолардыәмелгеасырыўда басқа Қатнасыўшы-мәмлекетлергежәрдем көрсетиўи мүмкин болған органлар сыпатында көрсетилип, соның ишинде Өзбекистан Республикасының Бас прокуратурасы өз-ара ҳуқықый жәрдем көрсетиў ҳаққындағы илтимасларды алыў ҳәм орынлаў яки бундай илтимасларды орынлаў ушын Өзбекистан Республикасының басқа ўәкилликли органларына жибериўге жуўапкер болған орайлық орган етип белгиленген.
Өзбекистан Республикасында коррупция жынаятларының алдын алыў, оған қарсы гүресиў бойынша нызамшылық база жаратылған ҳәм ол системалы рәўиште жетилистирилип барылмақта.
Бул тараўдағы қатнасықларды тәртипке салыўға, яғный лаўазымлы шахслардың жуўапкершилигин асырыўға қаратылған Хүкиметимиз тәрепинен қабыл етилген әҳмийетли ҳүжжет Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң2016-жыл2-марттағы “Мәмлекет басқарыўы органлары
ҳәм жергиликли атқарыўшы ҳәкимият органлары хызметкерлериниң
әдеп-икрамлылық үлги қағыйдаларын тастыйықлаў ҳаққында”ғы 62-санлы қарары болды.
Өзбекистан Республикасында коррупцияға қарсы миллий нызамшылық
бул тараўдағы ҳалық аралық нызамшылық нормаларына дерлик толық муўапықластырылған.
Бу салада мәмлекетимиз тәрепинен 2017-жыл 3-январда ЎРҚ-419-санлы Нызамы менен тастыйықланған “Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында”ғы Нызамы оғада әҳмийетли есапланады.
Коррупцияға қарсы жынаятларды анықлаў, алдын алыў, оған қарсы гүресиў бойынша институционал мәкемелер системасы қәлиплестирилген.
Өзбекистан Республикасы Жынаят кодексиниң15-бабы Басқарыў тәртибине қарсы жынаятлар деп аталып, кодекстиң 205-статьясынатийкар ҳәкимият
яки лаўазым ўәкилликлеринен пайдаланғанлық ушын, 210-ст. тийкар пара алғанлық ушын, 211-ст. тийкар пара бергенлик ушын, 212-ст. тийкар пара алыў-бериўде дәлдалшылық қылғанлық ушын, 213-ст. тийкар мәмлект органының, мәмлекет қатанасындағы шөлкемниң яки пуқаралар өзин-өзи басқарыў органының хызметшисин пара есесинеаўдырып алғанлық ушын, 214-ст. тийкар мәмлекет органы, мәмлекет қатанасындағы шөлкем яки пуқаралардың өзин-өзи басқарыў органы хызметшисиниң нызамға қайшы рәўиште материаллық баҳалықлар алыўы яки мүлкий мәпдар болғанлығы ушын жынайы жазалар белгиленген.
Яғный, жоқарыда атап өтилген Бирлескен миллетлер шөлкеминиң коррупцияға қарсы конвенциясына ҳәм басқада халық аралық ҳүжжетлерде нәзерде тутылған талаплар тийкарында коррупция жынаяты деп табылатуғын қылмыслар, лаўазымлы шахс түсиниги, бул жынаят субъектлери бойынша басқа да талаплар кодекске киритилген.
Коррупция жынаятшылығының келип шығыў механизми төмендегише сыпатланады:
-коррупция еки тәреплеме дүзилетуғын келисим болып, онда лаўазымлы шахс яки мәмлекетлик хызметтеги басқа шахс өзиниң лаўазымы, абыройы ҳәм оларға байланыслы мүмкиншиликлерге тийкарланып, өз хызмети ўәкилликлерин яки хызметин физикалық яки юридикалық шахсларға, топарларға (соның ишинде жынайый бирлеспе) рәсмий түрде “пуллаўды”, ал, “қарыйдар” болса мәмлекет дүзилмеси яки басқа дүзилмеден өз мақсетлеринде пайдаланыў мүмкиншилигин қолға киргизиў;
-хызметкер тәрепинен таўламашылық жолы менен пара яки қосымша ҳақы өндириўи есапланады.
Парахорлық латентлиги (жасырынлығы) жоқары жынаятлар топарына киреди. Әдетте жынаят исленгеннен кейин ҳеш қандай из қалдырылмайды ҳәм бул жынаяттың ашылыўы қыйын есапланады.
Көпшилик жағдайларда парахорлық жынаятының жүз бергенлигиниң анықланыўы бириншиден, пара бериўши ҳәм пара алыўшы ортасындағы келиспеўшилик нәтийжесинде, екиншиден, басқа бир жынаятларды тергеў барысында, үшиншиден, ҳуқық қорғаў уйымларының профилактик шараларды әмелге асырыўы нәтийжесинде анықланыўы мүмкин.
Халық арасында өткерилген сораўлар нәтийжесине қарағанда парахорлар кемнен кем дәмегөйшилик етеди. Дәмегөйлик көрсеткенлер 6% қурайды, пара бериўшилердиң өзлериниң интасы менен пара берилиўи 94% қурайды екен.
Лекин, бул шахслар өз машқалаларын пара бермей-ақ, шешиў имканияты болсада өзлериниң интасы менен пара береди. Парахорлықтың жәмийетлик қәўиплигилиги параның тәбийий нәрседей болып қалғанлығы. Сол себепли парахорлықтың жүз бериўи социаллық шараятта көринеди.
Коррупция жынаятларының себеплерин үйрениў–бул жынаятлардың келип шығыўының себеплери ҳәкимият институтларының системасындағы кемшилик пенен, нызамшылық техникасындағы кемшилик пенен сондай-ақ, ҳуқық қорғаў уйымларында коррупция машқаласы менен гүресиўдиң ҳәлсизлиги менен байланыслы деген жуўмаққа алып келеди.
Ҳәзирги күнде нызам ҳүжжетлеринде корупциоген нормалар киритилиўиниң алдын алыў мақсетинде Өзбекистан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен нызам ҳүжжетлериниң ҳуқуқый экспертизасын өткериўде ҳүжжетлер жойбарлары коррупцияға қарсы экспертизадан да өткерилмекте.
Бул бойынша Өзбекистан Республикасы әдилликминистриниң2015-жыл 25-декабрдеги384-мҳ-санли буйрығы менен “Норматив-ҳуқықий ҳүжжетлер жойбарларынкоррупцияға қарсы экспертизасын өткериў Методикасы” тастыйықланған.
Методикаға тийкар ҳүжжет жойбарында коррупциялықбелгилергеийе нормалар булар – ҳуқықты қоллаўшыларға тийкарсыз рәўиште көрипшығыўдың кеңшеңберин яки улыўмалық қағыйдалардан шығыўшы шегиниўлердитийкарсыз қоллаў имкәниятын белгилеўши, физикалықҳәм юридикалық шахсларға анық болмаған, орынланыўы қыйын болған ҳәм (яки) аўырластырылған талапларды, сондай-ақ ҳуқықты тәртипке салыўдағы бослықлардыөз ишинеалған жойбарлардың нормалары есапланады.
Төмендегилер коррупцияға қарсы экспертизаныңўазыйпаларыесапланады:
-жойбарларда коррупцион ҳуқықбузарлықлар ислениўине имканият жаратыўшы коррупционбелгилерди анықлаў;
-коррупцион ҳуқықбузарлықлар ислениўи мүмкинлигине тийисли бөлими бойынша жойбарды қабыл етиўақыбетлерин улыўма баҳалаў;
-норматив-ҳуқықый ҳүжжетларди қоллаўпроцессинде коррупцион түстеги қәўиплердиңпайда болыўы имкәниятларын прогнозластырыў;
-жойбарларда анықланған коррупционбелгилерди сапластырыўға қаратылған усынысларды ислепшығыўҳәмиләжлар көриў.
Жуўмақлап айтқанда, бул тараўдағы жынаятлардың алдын алыў антикоррупцион режелерди раўажландырыў, миллий нызамшылығымыздың
БМШ ның Коррупцияға қарсы Конвенциясы талапларына еледе сәйкеслендириў, яғный коррупцияға қарыс гүрес пенен арнаўлы шуғылланыўшы бирден-бир орган шөлкемлестириў,коррупцияға қарсы нызамшылықты еледе жетилистириў, мәмлекетлик хызмет системасының әшкаралығын күшейтиў ҳәм әлбетте пуқаралардың ҳуқықый сана ҳәм мәдениятын асырыў менен байланыслы
деп есаплаймыз.

Қарақалпақстан Республикасы
Әдиллик министрлиги
Мәмлекетлик емес коммерциялық емес
Шөлкемлери бөлими бас мәсләҳәтшиси
2-дәрежели юрист                                                                                    ИСАТАЙ АЛДАБЕРГЕНОВ