Янгиликлар
МӘМЛЕКЕТЛИК ЕМЕС КОММЕРЦИЯЛЫҚ ЕМЕС ШӨЛКЕМЛЕРИ ИСКЕРЛИГИ САЛАСЫНДАҒЫ НОРМАТИВ-ҲУҚЫҚЫЙ ҲҮЖЖЕТЛЕР ЕЛЕДЕ ЛИБЕРАЛЛАСТЫРЫЛМАҚТА...
Бүгинги күнге шекем мәмлекетлик емескоммерциялық емесшөлкемлери искерлигиниң нәтийжелилигин асырыўға қаратылған 200 ден артық норматив-ҳуқықыйҳүжжетлер қабыл етилди, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ушын зәрүр институционал база жаратылды.
Ғәрезсизликке ерискен дәслепки дәўирде Республикамызда 100 ге жақын мәмлекетлик емескоммерциялық емесшөлкеми жумыс көрсетип келген болса, бүгинги күнде искерлик көрсетип атырған 9 500 дан артық мәмлекетлик емескоммерциялық емесшөлкеми физикалық ҳәм юридикалық шахслардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин, демократиялық қәдриятларынқорғаўда, социаллық, мәдений ҳәм ағартыўшылық мақсетлерине ерисиўде әҳмийетли роль ойнмақта.
Әдиллик министрлигиниң басламасы менен киритилген Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен 2018-жылдың 4-май күни “Мәмлекетти демократиялық жаңалаў процессинде пуқаралык жәмийети институтларының ролинтүп тийкарынан асырыў ис-илажлары ҳаққында”ғы ПФ – 5430-санлыПәрманының қабыл етилиўи бул салада жаңа дәўирди баслап берди.
Усы пәрман менен көп жыллардан бери мәмлекетлик емес коммерциялық емесшөлкемлерин қыйнап атырған мәселелер шешилди.
Пәрман менен тиккелей Өзбекстан Республикасы Президенти жанында Пуқаралық жәмийетин раўажландырыў бойынша мәсләҳәт кеңеси шөлкемлестирилип, усы кеңеске пуқаралық жәмийетин ҳәм кең жәмийетшиликти тәшўишлентирип атырған актуал мәселелерди додалаў,сондай-ақ усы сектордың жағдайы ҳәм раўажланыў тенденциясыҳаққында туўрыдан-туўры Өзбекстан Республикасы Президентин турақлы рәўшите хабардар етиўден ибарат.
Дизимнен өткериўшиуйым менен мәмлекетлик емескоммерциялық емесшөлкемлериниңилажларын келисиў тәртиби режелестирилип атырған илажлар ҳаққында хабардар етиў тәртиби менен алмастырылды.
Әмелде болып келген илаж өткерилиўи мөлшерленген сәнеден кеминде жигирма күн алдын, шет ел аймағында шөлкемлестирилетуғын илажлар бойынша илаж өткерилиўинен, дәл сондай-ақ шет ел пуқараларының Өзбекстан Республиксында өткерилетуғын илажда қатнасыўы режелестирилген болса, олардың келиўинен кеминде бир ай алдын тийисли әдиллик уйымына жазба рәўиште мүрәжат етиўи ҳәм тийисли рухсатнаманы алғаннан соң ғана илаж өткериў талабы бийкар етилди.
Жаңа тәртипке көре, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеми тәрепинен әдиллик уйымын илажлар өткерилиўи ҳаққында илаж өткерилиўи мөлшерленген сәнеден кеминде он күн алдын,шет ел аймағында шөлкемлестирилетуғын илажлар бойынша илаж өткерилиўинен, дәл
сондай-ақ шет ел пуқараларының Өзбекстан Республикасында өткерилетуғын илажда қатнасыўы режелестирилген болса, олардың келиўинен кеминде жигирма күн алдын хабардар етиўи белгиленди.
УсыПәрманның тийкарында Өзбекстан Республикасы әдиллик министриниң 2018-жыл 27-июндағы 336-санлы буйрығы (дизим номери
3027, 2018-жыл 27-июнь) менен мәмлекетлик емескоммерциялық емесшөлкеминиң искерлиги ҳаққындағы әдиллик уйымларына усынылатуғын есабат формасы тастыйықланды.
Усыған көре, мәмлекетлик емескоммерциялық емесшөлкемлери тәрепинен дизимнен өткериўши уйымға усынылатуғын үш есабат формасы бир формаға келтирилди.
Сондай-ақ, алдын есабат формалары 36 ҳәм 41 бәнттен ибарат болса, жаңа есабат формасы 22 бәнтке келтирилди.
Усы Пәрман орынланыўы бойынша Министрлер Кабинетиниң
2018-жыл 8-августтағы 635-санлы қарары менен мәмлекетлик емескоммерциялық емесшөлкемлери искерлигин әдиллик уйымлары тәрепинен мониторинг қылыў ҳәм үйрениў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды.
Усы реже менен әдиллик уйымлары тәрепинен мәмлекетлик емес коммерциялық емесшөлкемлериискерлигин үйрениў бойыша мүнәсибетлер мәмлекетлик емес коммерциялық емесшөлкемлеримәпинен келип шығып ҳәмде олардың ҳуқықларын ҳәм еркинликлерин қорғаў мақсетинде биринши мәртебе нызам ҳүжжети дәрежесинде тәртипке салынды.
Усы Режеге көре, мониторинг, режели үйрениў ҳәм режеден тысқары үйрениў түсиниклерине анықлық киритилди хәмде оларды өткериў тийкарлары биринши рет нызам ҳүжжетинде өз негизин тапты.
Соның менен бир қатарда, мәмлекетлик емес коммерциялық емесшөлкемлергеҳәр қандай банк хызметлерин көрсетиў бойынша өзлерине мақул ҳәм қолай болған банктыңхызметинен пайдаланыўды тәмийинлеў мақсетинде мәмлекетлик емес коммерциялық емесшөлкемлергешет ел грант қаржылары усы шөлкемлердиң қәлеген банк мәкемелеринде ашылған арнаўлы есап бетлерине келип түсиўине рухсат берилди.
Мәмлекетлик емес коммерциялық емесшөлкемлердиң пенсионер хызметкерлерине пенсия олардың усы шөлкемлердеги искерлиги бирден-бир жумыс орны болған тәқдирде,толық төлениўи киби имканиятлар әмелияты енгизилди.
Пәрман менен мәмлекетлик емес коммерциялық емесшөлкемлериниң ең тийкарғы машқалалардан бири болған имарат мәселеси “Мәмлекетлик емескоммерциялық емесшөлкемлери үйлери”иншөлкемлестириў арқалы жаңаша усыл менен шешиў белгилеп қойылды.
Усы “Үйлер”деги ханалар жаңа шөлкемлестирилген, сондай-ақ, социаллық әҳмийетке ийе болған салаларда өз искерлигин әмелге асырып атырған мәмлекетлик емес коммерциялық емесшөлкемлергеижара төлеўиниң “ноль” ставкасын қоллаған ҳалда жайластырыў нәзерде тутылды.
Соның менен биргеликте, бүгиги күнге шекем итибардан шетте қалып атырған пуқаралық жәмийети институтлары ўәкиллери тәрепинен алып барылып атырған өзине тән мийнетти қоллап-қуўатлаў мақсетинде “Пуқаралық жәмийетин раўажландырыўға қосқан үлеси ушын”көкирек нышаны шөлкемлестирилди.
ҚарақалпақстанРеспубликасы
Әдилликминистрлиги
Мәмлекетликемескоммерциялықемес
шөлкемлерибөлими бас мәсләҳәтшиси
2-дәрежели юрист ИСАТАЙ АЛДАБЕРГЕНОВ