Янгиликлар
29
МӘМЛЕКЕТИМИЗДЕ ДИНИЙ ШӨЛКЕМЛЕРДИ МӘМЛЕКЕТЛИК ДИЗИМНЕН ӨТКЕРИЎ УШЫН ҚАНДАЙ ТӘРТИПЛЕР ЕНГИЗИЛДИ?
МӘМЛЕКЕТИМИЗДЕ ДИНИЙ ШӨЛКЕМЛЕРДИ МӘМЛЕКЕТЛИК ДИЗИМНЕН ӨТКЕРИЎ УШЫН ҚАНДАЙ ТӘРТИПЛЕР ЕНГИЗИЛДИ?
Ҳүкиметтиң 2018-жыл 31-майдағы қарары менен Өзбекстан Республикасында диний шөлкемлерди мәмлекетлик дизимнен өткериў, қайта дизимнен өткериў ҳәм сапластырыў тәртиби ҳаққындағы Реже тастыйықланған.
Усы Реже қабыл етилиўи мүнәсибети менен илгери әмелде болып келген Министрлер Кабинетиниң 1998-жыл 20-июндағы “Өзбекстан Республикасында диний шөлкемлерди мәмлекетлик дизимнен өткериў тәртиби ҳаққында”ғы қарары өз күшин жойытты.
Алдыңғы редакциядағы тәртипке тийкар нызамшылық ҳүжжетлери талаплары бузылған тәғдирде, дизимнен өткериўши уйым (Әдиллик министрлиги ҳәм оның аймақлық басқармалары) диний шөлкемге ең кем айлық ис ҳақының 100 есеси муғдарында жәрийма салыўға ҳақылы екенлиги белгиленген еди, ал жаңадан қабыл етилген қарарда болса, усы норма нәзерде тутылмаған, яғный әдиллик уйымларынан диний шөлкемге жәрийма салыў ўакилиги алып тасланған.
Сондай-ақ, диний шөлкемди мәмлекетлик дизимнен өткериў ушын төленетуғын мәмлекетлик бажылардың муғдарлары кемейттирилди.
Жаңа тәртип бойынша диний шөлкемлерди мәмлекетлик дизимнен өткериў ушын:
диний шөлкемлердиң орайлық басқарыў уйымлары ҳәм диний билимлендириў мәкемелери ушын — ең кем айлық ис ҳақының жигирма есеси;
басқа диний шөлкемлери ушын — ең кем айлық ис ҳақының он есеси муғдарында мәмлекетлик бажы өндирилиўи белгиленди.
Алдын бул муғдар диний шөлкемлердиң орайлық басқарыў уйымары ҳәм диний билимлендириў мәкемелери ушын ең кем айлық ис ҳақының
100 есесин, басқа диний шөлкемлер ушын болса 50 есесин қурайтуғын еди.
Усы саладағы және бир жаңалықлардан бири диний шөлкем басшылары диний мағлыўматты шет елде алған болса диний шөлкемди дизимнен өткериўде оның нострификацияланғанлығы ҳаққындағы ҳүжжетти де усыныўы лазым. Илгери бул нәрсе нәзерде тутылмаған еди.
Соның менен бир қатарда, диний шөлкемди дизимнен өткериўде усынылатуғын ҳүжжетлер саны қысқартырылған.
Буннан былай төмендеги ҳүжжетлерди тапсырыў талап етилмейди:
пул қаржыларының қәлиплесиў дереклери — акт-декларация;
диний шөлкем атамасының ҳәкимликте дизимнен өткенлиги ҳаққындағы гуўалықтың нусқасы.
Соны айрықша атап отиў лазым, диний шөлкемди дизимнен өткериў бойынша искерлигине де “бир айна” принципи енгизилген.
Әсиресе, жаңа талаплар бойынша диний шөлкем мәмлекетлик дизимнен өткерилгеннен кейин СТИР ҳәм КТУТ кодлары әдиллик уйымлары тәрепинен бир жола тийисли гуўалық пенен усыныс етилетуғын болды.
Алдын бул ҳүжжетлерди де диний шөлкем салық ҳәм статистика уйымларынан өзлери ғәрезсиз алыўы лазым еди.
Алдыңғы әмел етилген тәртипте мәмлекетлик дизимнен өткерилгенлиги ҳаққындағы гуўалық ҳәмде шөлкемлестириў ҳүжжетлериниң дубликатларын бериўде, сондай-ақ диний шөлкемди сапластырыўда усынылатуғын ҳүжжетлердиң анық дизими белгиленбегенлиги әмелиятятта машқалаларға себеп болып атырған еди. Усы кемшиликлер жаңа қарарда сапластырылды.
Буннан тысқары, есабатлар саныда кемейттирилди. Енди диний шөлкемлер бир жылда бир мәртебе тиийисли әдиллик уйымына есабат усынады.
Алдын ҳәр шеректе есабат усыныўы лазым еди.
Мағлыўмат орнында диний шөлкемлерди дизимнен өткериў тәртиби ҳаққында еслетип өтемиз.
Диний шөлкемлердиң орайлық басқарыў уйымлары ҳәм диний билимлендириў мәкемелерин мәмлекетлик дизимнен өткериў Әдиллик министрлиги тәрепинен, басқа диний шөлкемлерди мәмлекелик дизимнен өткериў тийислилиги бойынша Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы әдилликбасқармалары тәрепинен әмелге асырылады.
Басқа диний шөлкемлер, яғный мешитлерди дизимнен өткериў ушын төмендеги ҳүжжетлерди тапсырыўы лазым:
диний шөлкем дүзиў басламашылары болған он сегиз жасқа толған жүз адамнан кем болмаған Өзбекстан пуқаралары имзалаған ҳәм нотариал тәртипте тастыйықланған арза;
шөлкемлестириў жыйналысы баянламасы ҳәм диний шөлкем уставы;
мәмлекетлик божы төленгенлиги ҳаққындағы банк төлеў ҳүжжети;
диний шөлкем басламашылары ҳаққындағы мағлыўматлар;
диний шөлкемниң басшы уйымы ағзалары ҳаққындағы мағлыўматлар;
диний шөлкем басшыларының диний мағлыўматы ҳаққындағы ҳүжжет нусқалары;
Дин ислери бойынша комитеттиң разылық хаты;
Диний шөлкемниң юридикалық (почта) мәнзили ҳаққында тийисли жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымының (Қурылыс министрлиги, Мәмлекетлик санитария-эпидемиология хызмети, Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Мәмлекетлик өрт қәўипсизлиги хызметиниң тийисли бөлимшелери ҳәм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының разылық хаты қосымша етилген ҳалда) кепиллик хаты.
Жоқарыда көрсетип өтилген ҳүжжетлер усынылған тәғдирде, тийисли әдиллик уйымлары тәрепинен дизимнен өткериў бойынша арза бир айлық мүддетте көрип шығылады.
Қарақалпақстан Республикасы
Әдиллик министрлиги
Мәмлекетлик емес коммерциялық емес
шөлкемлери бөлими бас мәсләҳәтшиси
2-дәрежели юрист ИСАТАЙ АЛДАБЕРГЕНОВ