Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

18

2019-жыл 1-февраль күни «Банкротлық принциплерин жәнеде әпиўайыластырыў ҳәм суд басқарыўшылары искерлигин түп-тийкарынан жетилистириў ис-илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-4146-санлы Президент қарары қабыл етилди.


2019-жыл 1-февраль күни «Банкротлық принциплерин жәнеде әпиўайыластырыў ҳәм суд басқарыўшылары искерлигин түп-тийкарынан жетилистириў ис-илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-4146-санлы Президент қарары қабыл етилди.
Қарарға муўапық, 2019-жыл 1-июлдан:
- қарызды өндириў имканияты болмағанлығы себепли орынлаў ҳүжжети қайтарылған жағдайларда салық органлары 30 күннен кешиктирместен қарыздарды банкрот деп табыў ҳаққындағы арза менен судға мүрәжат етиледи;
- банкротлық ҳаққындағы жумыс юридикалық шахстың қарызы 60 млн сумнан асқанда (алдын қарыз 100 млн. нан көп болыўы лазым еди), жеке тәртиптеги исбилерменниң қарызы болса 4 млн сумнан (алдың 6 млн сумнан көп) асқан жағдайларда ғана қозғалады;
- сапластырыўға байланыслы ис жүргизиў мүддети тоғыз айдан аспайды (алдын бул мүддет бир жыл болған);
- банкрот болғанлардың мал-мүлки “E-IJRO AUKSION”да электрон онлайн-аукцион арқалы сатылады.
2019-жыл 1-майдан:
- суд басқарыўшыларын салық органлары хызметкерлеринен тайынлаў әмелияты бийкар етиледи;
- төртинши тайпалы суд басқарыўшысы аттестатцияға ийе болған шахслар суд басқарыўшысы етип тайынланады;
- суд басқарыўшыларына ең кем ис ҳақының жигирма есеси (4 млн 54 мың сум) муғдарында ҳақы төленеди;
- салықлар ҳәм басқа мәжбүрий төлемлер бойынша қарыздарлықты үзиўде төленген қарыз суммасының 5 проценти муғдарында суд басқарыўшыларына қосымша ҳақы төленеди;
- суд басқарыўшыларының искерлиги “пуқара лық ҳәм экономикалық суд ислерин жүргизиў” қәнийгелесиўи бойынша лицензияға ийе болған ҳәм суд басқарыўшысы аттестатын алған адвокатлар тәрепинен де әмелге асырылыўы мүмкин.
2019-жыл 1-апрелден суд басқарыўшылары искерлиги арнаўлы рейтинг тийкарында баҳаланады.
Түсиндириў: суд басқарыўшысы – банкротлық принциплерин өткериў мақсетинде экономикалық суд тәрепинен тайынланатуғын шахс.