Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

06

МӘМЛЕКЕТИМИЗДЕ ХАЯЛ-ҚЫЗЛАР УШЫН ЖАРАТЫЛҒАН ЖЕҢИЛЛИКЛЕР


Мәмлекетимизде ғәрезсизлик жылларында хаял-қызлар ҳуқықларын қорғаў, социаллық-сиясый, социаллық-экономикалық ҳәм мәдений өмиримизде олардың толық қатынасын тәмийинлеўге қаратылған ис-иләжлар ислеп шығылды. Жәмийеттеги орны ҳәм дәрежесин асырыў бойынша миллий дәстүрлер басқышпа-басқыш турмысқа енгизилмекте. Демократиялық реформаларды әмелге асырыў ҳәмде пуқаралық жәмийетин раўажландырыўда хаял-қызлардың тең қатынасын тәмийинлеўши тийисли ҳуқықый база жаратылған ҳәм ол жылдан-жылға жетилистирип барылмақта.
Өзбекстан Республикасының Конституциясы бәрше пуқаралардың жынысы, ырқы, миллети, тили, дини, социаллық келип шығыўы, исеними, шахсый ҳәм социаллық дәрежесине қарамасдан, нызам алдында теңлигин кепиллейди. Буннан тысқары, хаяллар ҳәмде еркеклердиң тең ҳуқықлы екенлиги Пуқаралық, Шаңарақ ҳәм Мийнет кодексларинде де беккемлеп қойылған.
Кейинги жылларды аўыр социаллық жағдайға түсип қалған хаял-қызлардың социаллық-экономикалық жағдайын жақсылаўға айрықша итибар қаратылмақта.
Атап айтқанда, 2017–2021 жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы жөнелиси бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында хаял-қызлардың социаллық-сиясый жеделлигин асырыў белгиленди.
Усы Ҳәрекетлер стратегиясында белгилеп берилген ўазыйпаларды инабатқа алған ҳалда Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл
12-февраль күни “Хаял-қызларды қоллап-қуўатлаў ҳәм шаңарақ институтын беккемлеў тараўындағы жумысын түптен жетилистириў ис-иләжлары ҳаққында”ғы Пәрманы менен Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине аўыр социаллық жағдайға түсип қалған хаял-қызларды, соның ишинде, майыплығы болған, кем тәмийинленген, перзентлерин толық емес шаңарақта тәрбиялап атырған ҳәм үй-жай шараятын жақсылаўға мүтәж аналар ушын қолай шараятларға ийе арзан үйлерди қурыў бойынша аймақлық мәнзилли дәстүрлерди, сондай-ақ, оларды бериў тәртиби ҳаққындағы Режени тастыйықлаў бойынша қарар қабыл қылыў ўазыйпасы жүклетилди.
Пәрманға тийкар 2018-жыл 12-апрель күни “Аўыр социаллық жағдайға түсип қалған хаял қызларға, майыплығы болған, кем тәмийинленген, перзентлерин толық емес шаңарақта тәрбиялап атырған ҳәм үй-жай шараятын жақсылаўға мүтәж аналарға арзан үй-жайлар бериў тәртиби ҳаққындағы Режени тастыйықлаў ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 285-санлы қарары қабыл етилди.
Қарар менен тастыйықланған Режеге тийкар, үй-жайға мүтәж хаял-қызлар ушын берилетуғын арзан үй-жайлар баҳасының 25 пайызын, яғный басланғыш төлемин Хаял қызларды ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў жәмәәтлик фонды, талапкер ислеп атырған ҳәмде нызам хүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа дереклер есабына сондай-ақ, талапкер кем тәмийинленген, турақлы дәраматларға ийе болмаған ҳәм кредитти қаплаўға имкәни жетерли болмаған жағдайда ол ислейтуғын шөлкем, Өзбекстан Қасиплик аўқамлары Федерациясы Кеңеси, “Мәҳәлле” қайырқомлық жәмәәтлик фондының қаржылары ҳәмде нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа дереклер есабынан әмелге асырылыўы белгилеп қойылды.
Буннан тысқары, Президентимиздиң 2018-жыл 28-декабирь күнги Олий Мажлиске жоллаған мүрәжатнамасында да хаял-қызлар ҳәм жасларды мәмлекет тәрепинен социаллық қоллап-қуўтлаўды жәнеде күшейтириў лазымлығын ҳәмде Орайлық банк, Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы баслықларына 2019-жылда турмыс дәрежеси аўыр болған 1.600 хаял-қызларды имтиязлы кредитлер тийкарында арзан үй-жайлар менен тәмийинлеў ўазыйпасы тапсырылды.
Жуўмақлап айтқанда, хаял-қызлар ҳуқықларын қорғаў, социаллық-сиясый, социаллық-экономикалық ҳәм мәдений өмиримизде олардың толық қатынасын тәмийинлеў жолында алып барылып атырған бул ҳәрекетлер мәмлекетимизде хаял-қызлардың орны жүда жоқарылығынан дерек береди.

Қарақалпақстан Республикасы Инсан
ҳуқықларын қорғаў
бөлими бас мәсләҳатшысы
Есенкелди УТЕПОВ