Янгиликлар
28
Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен район (қала) әдиллик бөлимлериниң 2019-жыл январь-март айларында әмелге асырылған жумыслары нəтийжелери ҳаққында семинар өткерилди.
Семинарға министрдиң биринши орынбасары А.Атажанов басшылық етти. Семинар даўамында министрликтиң бөлим баслықлары Ғ.Тлеўмуратов, П.Кожаметов, Ф.Романов А.Отеўлиев, Т.Калиллаев ҳәм бас мәсләҳәтши Х.Атаджановлар шығып сөйледи. Семинарда əдиллик бөлимлерине ис жүритиў, атқарыў интизамына əмел етилиўи, ис режеге тийкар үйрениўлердиң шөлкемлестирилиўи, мүрəжатлардың шешилиўи ҳəмде жүклетилген басқа ўазыйпалар орынланыўы ҳəмде есабат формалары жəне бир мəрте түсиндирилип, келешекте тапсырмалар бойынша
қəте-кемшиликлерге жол қоймаў кереклиги бойынша ескертилди.
Сондай-ақ семинарда Өзбекстан Республикасы əдиллик министриниң 2019-жыл 20-февральдағы 32-хс-санлы «Район (қала) əдиллик бөлимлери искерлигин үйрениў ҳаққында»ғы буйрығына тийкар Ташкент қаласы, Наўайы, Сырдəрья, Қашқадəрья, Наманган, Ферғана, Самарқанд, Ташкент ўəлаятларындағы район (қала) əдиллик бөлимлеринде өткерилген үйрениўлер нəтийжеси ҳаққында таныстырылды.
Атап айтқанда, усы үйрениўлер даўамында əдиллик бөлимлери тəрепинен мүрəжатлардың қанаатландырыў дəрежеси төмен екенлиги, ис реже бəнтериниң толық орынланбаўы, нызамбузыўшылықларды сапластырыў бойынша киргизилген усыныслардың өз ўақтында алынбағанлығы, ҳəким қарарларын экспертизадан өткериўде анықланған кемшиликлер, əдиллик бөлимлериндеги вакантлардың толтырылмағанлығы, «av.ijro.uz» электрон дəстүринен дурыс пайдаланыў жолға қойылмғанлығы ҳəм тағы басқа кемшиликлер анықланғанлығы менен таныстырылды ҳəмде усы кемшиликлерди өзлеримизде болдырмаў бойынша түсиндириў жумыслары алып барылды.
Семинар қатнасыўшылары өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.
Шөлкемлестириў-қадағалаў ҳəм таллаў
ислери бөлими баслығы
Т.Калиллаев