Янгиликлар
28
Әдиллик хабары
“Tashkent Law Spring” Халықаралық юридикалық форумында қатнасыўды қәлеўшилер дыққатына!
Наўрыз байрамы мүнәсибети менен қосымша дем алыс күнлери белгиленгенлиги себепли 21-24-март күнлери Өзбекстанда төлемди әмелге асырыў имканияты болмағанлығы ҳаққындағы көплеген мүрәжатларды есапқа алып, арзанластырылған тарифлердиң әмел етиўи миллий қатнасыўшылар ушын усы жылдың 29-март күни саат 18-00 ге шекем узайтылады.
Еслетип өтемиз, “Tashkent Law Spring” Халықаралық юридикалық форумы усы жылдың 25-27-апрель күнлери Ташкент қаласында болып өтеди.
Форумда Өзбекстан ҳәм бир қатар сырт ел әдиллик министрлери , халықаралық шөлкемлер ўәкиллери, дуньяның жетекши юридикалық ҳәм консалтинг фирмалары, алымлар ҳәм экспертлер, сондай ақ мәмлекетимиз мәмлекетлик органлары ҳәм компаниялары баслықлары, юридикалық хызмет ўәкиллери, суд экспертизасы қәнигелери, нотариуслар, адвокатлар қатнасады.
Бүгинги күнге шекем АҚШ, Уллы Британия, Франция, Австрия, Япония, Сингапур, Малайзия, Қытай, Россия ҳәм дүньяның басқа мәмлекетлеринен 50 ден аслам қәнигелер Форумда баянатшы сыпатында қатнасатуғынлығын тастыйықлады. Олар арасында министрлер, халықаралық шөлкемлер баслықлары, сондай-ақ Гарвард ҳәм Болонья университетлери, Бостон юридикалық колледжиниң ҳуқық мектеби, Калифорния университетиниң Гастингс юридикалық колледжи профессор-оқытыўшылары, “Dentons”, “White & Case” (АҚШ), “Reed Smit LLP” (АҚШ), “Freshfields Bruckhaus Deringer” (Уллы Британия) “Cleary Gottlieb Steen & Hamilton LLC” (АҚШ), “Norton Rose Fulbright LLP” (Уллы Британия) усаған дүньяға белгили ҳалықаралық юридикалық фирмалардың адвокатлары бар.
Форумда Дүньяның көплеген арбитраж орайлары, соның менен бирге Вена ҳалықаралық арбитраж орайы (VIAC), Европа келиспеўшиликлерин шешиў орайы (ECDR), Жәҳән банки топарының Инвестицион келиспеўшиликлерди шешиў бойынша ҳалықаралық орайы (ICSID), Ҳалықаралық саўда палатасы (ICC-Austria) Гонконг Ҳалықаралық арбитраж орайы (HKIAC) ўәкиллери өз тәжирийбелери менен бөлиседи.
Кеңирек мағлыўмат : tashkentlawspring.uz сайтында!