Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

28

Нызамшылықтағы жаңалықлар


Ҳүкимет қарарлары менен Министрлер Кабинетиниң Регламенти (242-сан, 22.03.2019-ж.) ҳәмде Министрлер Кабинетиниң аппараты ҳаққындағы реже  (245-сан, 25.03.2019-ж.) тастыйықланды.
     Бул ҳүжжетлер Министрлер Кабинети искерлигин шөлкемлестириў тәртибин белгилейди.
     Бар болған кемшиликлерди сапластырыў, сондай ақ , «Халық мәмлекетлик кеңселерине емес, мәмлекетлик кеңселери халқымызға хызмет етиўи керек»  деген тийкарғы принципти өз ўақтында, анық ҳәм толық түрде әмелге асырыў Аппараттың тийкарғы ўазыйпаларынан бири есапланады.  
     Аппараттың үстин ўазыйпалары ҳәр жылы Президенттиң Олий Мажлиске Мүрәжатнамасынан келип шыққан ҳалда да белгиленеди.
     Министрлер Кабинетине Бас министр басшылық етеди ҳәм өз искерлигинде Президент ҳәм Олий Мажлис  алдында жуўапкер.  
     Бас министр мәмлекет басқарыўы органларының искерлигин муўапықластырады ҳәм пайда болған келиспеўшиликлер бойынша келисилген қарарлар қабыл етеди.
     Министрлер Кабинети аппараты ҳәм оның қурамы бөлимлери искерлигиниң тийкарғы бағдарлары, ўазыйпалары, функциялары, ҳуқық ҳәм жуўапкершилик, сондай ақ, искерликти шөлкемлестириў тәртиби Ҳүкимет қарарлары менен тастыйықланатуғын режелер менен белгиленеди.
     Мәмлекет органлары ҳәм басқа шөлкемлер өз жумысын Министрлер Кабинети тәрепинен тастыйықланатуғын ис-режелери тийкарында шөлкемлестиреди.
     Министрлер Кабинетиниң норматив-ҳуқықый есапланған ҳүжжетлери қарарлар формасында, тез ҳәм басқа ағымдағы мәселелер бойынша ҳүжжетлери  бийликлер формасында қабыл етиледи.
     Президент ҳәмде Министрлер Кабинетиниң исбилерменлик искерлигине тийисли ҳүжжетлери додаланыўы ҳәм белгиленген тәртипте исбилерменлик искерлигине тәсири баҳаланыўы керек.
     Президент ҳүжжетлери жойбарлары ҳәмде келисиў ушын Президент Администрациясына жиберилген Ҳүкимет ҳүжжетлери жойбарлары Ҳүкимет тәрепинен ҳәр ҳәпте, ҳәр ай ҳәм ҳәр шеректе кеңнен уйрениледи.
     Сондай ақ, Регламентте норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларын келисиў, Министрлер Кабинетине киргизиў, қабыл етилген ҳүжжетлерди дизимнен өткериў, жибериў, жәриялаў ҳәм орынлаўшыларға жеткериў тәртиби белгиленген.  

Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими
бас мәсләҳәтшиси А.Отарбаев