Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

27

Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы норма ҳәм қағыйдаларының турмыста қолланылыўының әҳмийети


1993-жыл 9-апрелде Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының қабыл етилиўи мәмлекетимиз турмысында үлкен тарийхый-сиясий ўақыя болды.
Тийкарғы Нызамымыз дөретилиўиниң қурамалы ҳǝм ǝҳмийетли, ǝйне ўақытта шарапатлы жылнамасына нǝзер салар екенбиз, ҳеш гүмансыз, Конституция халқымыздың ғǝрезсизликке қарай узақ жолдағы излениўлери нǝтийжеси екенине терең исеним пайда етемиз.
Миллий мǝмлекетшилик тǝжирийбесине таянған ҳалда, халқымыздың тарихий дǝстүрлери ҳǝм оның ғǝрезсиз мǝмлекет ҳаққындағы көп ǝсирлик арзыўын өзинде сǝўлелендирген, Тийкарғы Нызамымыз дүнья еллериниң алдыңғы конституциялық тǝжирийбелерин инабатқа алған ҳалда жаратылған.
Конституцияның Алғы сөзинде инсан ҳуқықларын ҳәм мәмлекетлик суверенитет принциплерин жақлайтуғынлығын салтанатлы түрде жәриялай отырып, халықаралық ҳуқықтың принцип ҳәм қағыйдалары үстинлигин
тән алыў, республика пуқараларының мүнәсип турмыс кешириўин тәмийинлеў, демократиялық ҳуқықый мәмлекет қурыў, пуқаралар тынышлығы ҳәм миллий татыўлықты тәмийинлеў мақсетинде Өзбекистан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенлиги көрсетилген.  
Конституцияның қабыл етилиўи менен жәмийетлик ҳәм мәмлекет қурылысының барлық салаларындағы қатнасықларды, миллий нызамшылығымыздың бәрше тараўларын тәртипке салыўшы анық ҳуқықый системасы жаратылды.
Сондай-ақ, Конституцияда мәмлекетлик ҳәкимияттың бөлиниўи тийкарында әмелге асырылыўын белгиледи, пикирлердиң көп түрлилигине ҳәмде көп партиялылыққа  тийкар жаратты.
Мәмлекет сиясатындағы түпкиликли өзгерислерди өзинде сәўлелендирген Конституцияда базар қатнасықларына тийкарланған жәмийеттиң экономикалық негизи болған жеке мүлкшилик, еркин исбилерменлик сыяқлы институтлар беккем ҳуқықый тийкарға ийе болды.
Конституция – хәр бир мамлекеттиң, онын халқының ой пикирин, еркин, руўхын, жәмийетлик санасын хәм мәдениятын ҳәр тареплеме саўлелендириўши тийкарғы Нызам болып табылады.
Қарақалпақстан Өзбекстан Республикасының қурамына киретуғын суверенли республика. Өзбекстан Республикасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасының өз-ара қатнасықлары Өзбекстан Республикасының Конституциясы көлеминде өз-ара шәртнамалар ҳәм келисимлер арқалы тәртиплестириледи.
Қарақалпақстан Республикасы өзиниң нызам арқалы тастыйықланған мәмлекетлик нышанлары – байрағына, гербине ҳәм гимнине ийе.
Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик аймақлық дүзилиси мәселелерин өзинше шешеди, мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының системасын белгилейди.
Қарақалпақстан Республикасының Жоқарғы Кеңеси нызам шығарыў ҳәкимиятын әмелге асыратуғын жоқары мәмлекетлик хәкимият уйымы болып табылады.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси – Қарақалпақстан Республикасының Ҳүкимети – мәмлекетлик ҳәкимиятының жоқарғы атқарыўшы – басқарыўшы уйымы болып табылады.
Қарақалпақстан Республикасында суд ҳәкимияты басқа мәмлекетлик уйымлардың, сиясий партиялардан, басқа да жәмийетлик бирлеспелерден бийғәрез хәрекет етеди.
Ҳәр бир мәмлекеттиң демократиялық өзгешеликлерин көрсететуғын шәртлериниң бири инсан ҳуқықларына ҳәм еркинликлерине болған қатнасық болып табылады.
Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизликке ерискеннен кейин инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлери мәселесине, олардың ҳақыйқый иске асыўын тәмийинлеўге айрықша дыққат аўдарып келмекте.
Конституция өзинде инсаныйлық идеясын жәмлеген, елимизде
избе-излик пенен әмелге асырылып атырған реформалар-мәмлекет қурылысы тараўында болама, жәмийет қурылысы, нызамшылық, суд ҳуқық системасында болама, олардың ҳәммесин  системалы түрде бир путин қылып байланыстырып турыўшы тийкарғы буўын – бул инсан мәплери болып есапланады.
Елимизде демократиялық ҳуқықый мәмлекет ҳәм пуқаралық жәмийеттиң ажыралмас бөлеги болған инсанның ҳуқық ҳәм еркинликлерин нәтийжели қорғаў мәмлекетимиз сиясатының баслы бағдарларының бирине айланды. Бул болса мәмлекетимиздиң тийкарғы нызамында өз орнын таўып, онда инсан мәпи дүньядағы барлық қәдир-қымбатлардан үстин турады. Конституциямыздың 5-бабында инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлериниң улыўма тән алынған халық аралық ҳуқықый нормалары сәўлеленип, олардың мәмлекет тәрепинен қорғалыўы Конституциялық дәрежеде беккемлеп қойылды.
Бизиң уллы мақсетимиз Конституциямыздың барлық нормаларына сиңдирилген. Онда белгиленген турмыслық идеялар ҳәм олар себепли жүзеге келген нормалар тийкарында мәмлекетимиз суверенитети ҳәм ғәрезсизлиги беккемленип барылмақта
Конституция – мәмлекет ҳәкимиятын дүзиў, мәмлекетлик органлардың жумысын шөлкемлестириўде нызамда белгиленген тийкарғы қағыйдаларын көрсетиў менен бирге, жәмийет турмысынын барлық тараўларындағы қатнасықлардың раўажланыўы, тынышлық ҳәмде параҳатшылықты тәмийинлеў, адамлар санасы ҳәм ой-пикирлериниң руўхый көтеринкилик дәрежесиниң негизи болып есапланады.  
Конституциямыз бүгинги жедел пәт менен өзгерип атырған дүньядағы процесслердин барлық сынаўларынан табыслы өтип келмекте.
Конституциямыз халық мәпи ушын хызмет етеди ҳәм ис жүзинде халық бийлигин тәмийинлейди. Бул тийкарғы демократиялық принцип Конституциямыздың 7-статьясында тастыйықланып, “Халық мәмлекет ҳәкимиятының бирден бир дереги” деп көрсетилген.
Ҳақыйқатында да  ҳәр бир демократиялық мәмлекеттиң Конституциялық тийкарын инсан ҳуқық ҳәм еркинликлери қурайды.     
Усы көз қарастан алғанда мәмлекетимиз Конституциясының “Инсан ҳәм пуқаралардың тийкарғы ҳуқықлары ҳәм еркинликлери»  бөлими айрықша орынды ийелейди.
Сондай-ақ, Конституциямыздың тийкарғы принциплери бөлиминде инсан, оның өмири, еркинлиги, ар-намысы, қәдир-қымбаты ҳәм басқа да қол қатылмас ҳуқықлары ең жоқары қадирият екенлиги айрықша белгилеп қойылған.
Өзбекстан Республикасының қурамында Қарақалпақстан Республикасы өз миллий мәмлекетшилигин беккемлеп, демократиялық раўажланыўдың жаңа басқышына көтерилди.
Қарақалпақстан Республикасы суверенитети Өзбекстан Республикасы Конституциясы тәрепинен кепилленеди ҳәм қорғалады. Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик аймақлық дүзилиси мәселелерин өзи шешеди, мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының системасын белгилейди, Өзбекстан Республикасы сиясатына сай сиясатты жүргизеди.
Сол тийкарда жәмийетимизде ҳуқықый демократиялық ҳәм ашық пуқаралық жәмийетин, еркин базар қатнасықларына тийкарланған экономиканы қурыў, халқымыз ушын мүнәсип турмыс шараятын жаратыўда тийкарғы нызамымыз беккем тийкар болып келмекте.
Конституциямыз – бизлер ушын тек ғана ҳуқықый бир ҳүжжет болып қалмастан, бәлки тарийхый ҳуқықый әҳмийетке ийе ҳүжжет болып есапланады.
Солай екен, жәмийетимиз турмысының тийкары болған Конституцияны терең ҳәм ҳәр тәреплеме үйрениўимиз, оның мазмун-мәнисине жетип барып, өмиримиздиң турақлы әмелий қолланбасына айландырыўмыз оғада зәрүр.

Мәмлекетлик емес коммерциялық емес
шөлкемлери бөлими бас мәсләҳәтшиси,
2-дәрежели юрист                        
И. Алдабергенов