Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

18

Апостиль бойынша жаңа тәртип белгиленди.


Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 15-февралдағы 134-санлы «Пуқаралық ҳалаты актлерин жазыў ҳәм нотариал органлар тараўында ҳәмде рәсмий ҳүжжетлерге апостиль қойыў бойынша мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң Ҳәқимшилик Регламентлерин тастыйықлаў ҳаққында»ғы Қарары қабыл етилди.
Усы Қарардың 4-қосымшасына тийкар «Әдиллик органлары ҳәм мекемелери ҳәмде ПҲАЖ органларынан шығарылған рәсмий ҳүжжетлерге апостиль қойыў бойынша мәмлекетлик хызмет көрсетиўдиң Ҳәқимшилик Регламенти тастыйықланды.
Бул Регламент физикалық ҳәм юридикалық шахсларға Мәмлекетлик хызметлери орайлары арқалы Әдиллик органлары ҳәм мекемелери ҳәмде ПҲАЖ органларынан шығарылған рәсмий ҳүжжетлерге «Apostille» арнаўлы штампты қойыў бойынша мәмлекетлик хызмет көрсетиў тәртибин белгилейди.
Мәмлекетлик хызмет Мәмлекетлик хызметлери орайлары арқалы Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы әдиллик басқармалары тәрепинен көрсетиледи.
Апостиль шет елдеги Өзбекстан Республикасының елшиханалары яки консуллық мекемелери тәрепинен берилген ҳүжжетлерге;
коммерциялық яки бажыхана операцияларына тиккелей байланыслы болған ҳүжжетлерге ҳәмде паспортқа, әскерий билетлерге қойылмайды.
Арза бериўши мәмлекетлик хызмети алыў ушын Мәмлекетлик хызметлери орайларына өзи келген ҳалда мүрәжат етеди.
Мәмлекетлик хызметлер орайы хызметкери арза бериўши атынан Регламенттиң 2-қосымшасында белгиленген сораўнаманы электрон формада толтырады.
Сораўнамаға арза бериўшиниң шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжет нусқасы;
Сырт ел мәмлекетинде пайдаланылатуғын рәсмий ҳүжжет қосымша етилиўи лазым.
Рәсмий ҳүжжетлер апостиль қойыў ушын түп нусқада яки арза бериўшиниң қәлеўи бойынша нотариал тастыйықланған нусқада қабыл етиледи.
Мәмлекетлик хызметти көрсетиў ушын ең кем айлық ис ҳақының 20 пайызы муғдарында жыйым өндириледи.
Мәмлекетлик хызметлер орайы хызметкери тәрепинен барлық ҳүжжетлер сканерленеди ҳәм 10 минут ишинде мекемелер ара электрон байланыс жәрдеминде Әдиллик министрлигине жибериледи. Усынылған ҳүжжетлердиң түп нусқалары сол күнниң өзинде Мәмлекетлик хызметлер орайы хызметкери тәрепинен (курьер яки буйыртпа хатлар арқалы) Әдиллик министрлигине жибериледи.
Арза бериўши тәрепинен сораўнамаға қосымша етилетуғын ҳүжжетлерди усынбаўы, рәсмий ҳүжжетлерде тийисли реквизитлердиң (тәртип номери, сәне, қолтаңба, мөр) биреўи жоқ екенлиги ҳәм мәмлекетлик хызмет көрсетиў ушын төлемниң төленбегенлиги мәмлекетлик хызметти көрсетиўден бас тартыў ушын тийкар болады.
Әдиллик министрлиги апостиль қойыў ҳаққында яки апостиль қойыўдан бас тартыў ҳаққында 5 жумыс күни даўамында қарар қабыл етеди.
Апостиль қойыў ҳаққында унамлы қарар қабыл етилген жағдайда усынылған рәсмий ҳүжжетке апостиль қояды.
Апостиль қойыўдан бас тартыў жазба хат формасында әмелге асырылады.
Бул қарар қабыл етилиўи физикалық ҳәм юридикалық шахсларға бир қанша қолайлықларды жаратып берди. Атап айтатуғын болсақ, алдынлары булл ўәкиллик тек ғана Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигине берилген еди, пуқаралар Ташкент қаласына барып қайтыўы лазым еди. Бул ўәқилликтиң Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы әдиллик басқармаларына берилиўи пуқаралардың өзиниң аймағындағы Мәмлекетлик хызметлер орайына мүрәжат етиў арқалы мүрәжатын қанаатландырыў имкәнияты жаратылды.

Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги
Ҳуқықый хызмет көрсетиўди мәмлекет тәрепинен тәртипке салыў бөлими
бас мәсләҳәтшиси Аллаяр Базарбаев Маратович