Янгиликлар
25
Мәмлекетте исбилерменлик орталығын жақсылаў бойынша қосымша ис-илажлар қабыл етилгенлиги мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгертиў ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында (ЎРҚ-531, 20.03.2019-ж.) Нызам Президент тәрепинен қол
Мәмлекетте исбилерменлик орталығын жақсылаў бойынша қосымша ис-илажлар қабыл етилгенлиги мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгертиў ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында (ЎРҚ-531, 20.03.2019-ж.) Нызам Президент тәрепинен қол қойылды.
Нызам менен, салық хызмети органларына салық төлеўши дизимге алынған мәнзилде болмаған, сондай-ақ, салық есабаты ҳәм финанслық есабат, камерал қадағалаў нәтийжелери бойынша разницалардың тийкарларын белгиленген мүддетлерде усынбаған жағдайларда банклердеги есапбетлер бойынша операцияларды тоқтатып турыў ўәкиллиги берилди (алдын суд тәртибинде илажлар көрилген).
Сондай-ақ, Нызам менен мәмлекетлик органларына исбилерменлерден ҳүжжетлерге мөр басыўды талап етиў ямаса ҳүжжетлерди мөр менен тастыйықлаў ҳаққында талап қойыў қадаған етиледи.
“Төрешилик судлары ҳаққында”ғы Нызам, Пуқаралық процессуал ҳәм Экономикалық процессуал кодекслерине медиация институтын енгизиў бойынша нормалар киргизилди.
Мәселен, Пуқаралық процессуал кодексине киргизилген қосымшаға тийкар даўа исин жүргизиўде тәреплер биринши инстанция судында суд бөлек бөлмеге суд ҳүжжетин қабыл етиў ушын шыққанға шекем медиатив келисим дүзиў арқалы исти тамамлаўға ҳақылы.
Сондай-ақ, Экономикалық процессуал кодексге әпиўайыластырылған тәртипте ис жүргизиў бойынша бөлек бап киргизилди. Оған көре, даўаның баҳасы юридикалық шахсчларға қарата – ең кем айлық ис ҳақының 20 есесинен, жеке тәртиптеги исбилерменлерге қарата болса – ең кем айлық ис ҳақының 5 есесинен аспаса, усы даўа арзалары бойынша ислер әпиўайыластырылған ис жүргизиў тәртибинде көрип шығылады.
Мағлыўмат ушын: әпиўайыластырылған ис жүргизиў тәртибинде ис суд додалаўы өткерилместен, тәреплер шақырылмастан ҳәм олардың түсиндириўлери еситилместен көрип шығылады.
Н.Кутлымуратова