Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

26

Ҳүкимет қарары (244-сан, 25.03.2019-ж.) менен Өзбекстан Республикасына сырт елдиң жумысшы күшин тартыў ҳәм оннан пайдаланыў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды


Ҳүкимет қарары  (244-сан, 25.03.2019-ж.) менен Өзбекстан Республикасына сырт елдиң жумысшы күшин тартыў ҳәм оннан пайдаланыў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды.

Режеге муўапық,  жумыс бериўшилер Өзбекстанға сырт елден жумысшы күшин бир жыллық руқсатнама алып тартыўы мүмкин.

Сырт ел пуқаралары болса Өзбекстан аймағында тастыйықнама алған ҳалда мийнет етеди.
Руқсатнама ҳәм тастыйықнама алыў ушын жумыс бериўши Мәмлекет хызметлери  орайына өзи келип мүрәжат етеди ямаса электрон руқсатнама ушын Бирден-бир интерактив мәмлекет хызметлери порталында ямаса руқсатнама бериў ушын мөлшерленген арнаўлы онлайн-майданшада дизимнен өтеди.
Руқсатнама алыў ушын электрон сораўнама толтырылады ҳәмде оған жумыс бериўшиниң паспорт нусқасы қосымша етиледи ҳәм электрон санлы қол белгиси менен тастыйықлайды.  
Арзаны көрип шыққанлығы ушын ең кем айлық ис ҳақының бир есеси  (202 мың 730 сум) муғдарында жыйым өндириледи.

Өзи келип мүрәжат етилгенде Мәмлекет хызметлери орайы бир саатта арзаны Сыртқы ислер миграциясы агентлигине жибереди.

Агентлик 5 жумыс күни ишинде руқсатнама бериў ҳаққында қарар қабыл етеди ҳәм жумыс бериўшини хабардар етеди.
Руқсатнаманы алыў ушын жумыс бериўши бес жумыс күни ишинде ең кем айлық ис ҳақының 50 есеси муғдарында (10 млн 130 мың 500 сум) жыйымды төлеўи лазым.

Агентлик  жыйым өндирилгенинен соң бир жумыс күни ишинде руқсатнаманы рәсмийлестиреди ҳәм оны жумыс бериўшиге жибереди.

Тастыйықнама алыў ушын сораўнамаға сырт ел пуқарасы ҳаққындағы ҳәмме мағлыўматлар қосымша етиледи.

Арза бир саатта Агентликке ҳәм аймақлық мийнет органына жибериледи.
Аймақлық мийнет органы бес жумыс күни ишинде Агентликке сырт ел пуқарасын тартыў мақсетке муўапықлығы ямаса муўапық емеслиги ҳаққында жуўмақ береди.

Агентлик он бес жумыс күни ишинде тастыйықнама бериў ямаса бермеў ҳаққында қарар қабыл етеди.

Жумыс бериўши тастыйықнаманы алыў ушын 5 жумыс күни ишинде төмендеги муғдарларда төлем төлейди:
- ўатанласлар ушын, жоқары маманлыққа ийе ҳәм маман қәнигелер, Президент мектеплери ҳәм жоқары оқыў орынларында жумыс ислеў ушын тартылып атырған оқытыўшылар ҳәм қәнигелер ушын - ең кем ис ҳақының 2 есеси (405 мың 460 сум) муғдарында;
- басқа сырт ел пуқаралары ушын-ең кем ис ҳақының отыз есеси  (6 млн 81 мың сум) муғдарында.

Төлем төленгенинен соң бир жумыс күни ишинде тастыйықнама рәсмийлестириледи ҳәм ис бериўшиге жибериледи.