Янгиликлар
27
Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерге тийисли қабыл етилген норматив-ҳуқықый ҳүжжетлердиң мазмун-әҳмийети ҳаққында
Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерге тийисли қабыл етилген норматив-ҳуқықый ҳүжжетлердиң мазмун-әҳмийети ҳаққында
Мәмлекетимизде пуқаралық жәмийети институтлары искерлик көрсетиўи ушын норматив-ҳуқықый база турақлы рәўиште жетилистилирип барылмақта. Сондай-ақ, усы саладағы норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерди жетилистириўде мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ҳуқық ҳәм мәплерин инабатқа алыў, тәртиплерди әпиўайыластырыўҳәм мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери ушын қолайлықлар ҳәм жеңилликлер жаратыўға айрықша итибар қаратылмақта.
Өзбекистан Республикасы Президентиниң “Пуқаралық жәмийети институтларын раўажландырыўға көмеклесиў саласындағы қосышма
ис-илажлар ҳаққында”ғы 2013-жыл 12-декабрдеги ПҚ–2085-санлы қарарында мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери искерлиги
ҳәм финанслық жағдайының өзине тән тәреплеринен келип шығып Өзбекистан Республикасы Пуқаралық кодексиниң 53-статьясында белгиленген юридикалық шахслар алты ай даўамында банк есап бетлери бойынша пул операцияларын өткериў менен байланыслы финанслық-хожалық искерлигин әмелге асырмаған тәғдирде оларды сапластырыў ушын тийкар болыўын нәзерде тутыўшы қағыйда мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерге әмел етилмеслиги беккемлеп қойылды.
Бул болса, өз нәўбетинде дизимнен өтип, кейиншелик белгили экономикалық себеплерге көре ўақтыншалық финанслық-хожалық искерлигин әмелге асырмай атырған мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерин сапластырыў талабы бар болғанлығы себепли мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң саны кемейиуи мүмкинлиги ҳалатларына шек қойылды.
Соның менен бирге, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерин мәмлекетлик дизимнен өткериў ушын өндирилетуғын мәмлекетлик бажы муғдары 5 есеге, олардың символикларын мәмлекетлик дизимнен өткериў ушын өндирилетуғын жыйымлар муғдары 2,5 есеге кемейгенлиги, Өзбекистан Республикасында дизимге алынған мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеминиң өз алдына бөлимлерин мәмлекетлик дизимнен өткериўде мәмлекетлик бажы өндирилмеўи, мәмлекетлик дизимнен өткериў ҳаққындағы мүрәжатлары еки ай мүддет орнына бир ай мүддетте көрип шығылыўы белгиленганлиги, дизимнен өткериўде шөлкемлестириў ҳүжжетлерин нотариал тастыйықлаў ҳәм басқа қосымша талаплар бийкар етилгенлиги, мәмлекетлик емес коммрециялық емес шөлкемлери тәрепинен есабатлар тапсырыў ҳәм илажларды келисиў тәртиплери әпиўайыласқанлығы, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери лаўазымлы шахслары тәрепинен нызам бузылыў ҳалатары исленгенде жуўапкершилик шаралары жеңиллескенлиги ҳәм басқа нормалар буның айқын мысалы бола алады.
Буннан тысқары, Өзбекистан Республикасы Әдиллк министрлигине Өзбекистан Республикасының нызамлары ҳәмде халықаралық шәртнамаларында беккемленген мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерине мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыўы уйымлары тәрепинен әмел етилиўин қадағалаў ўазыйпасы жүклетилди.
Буның нәтийжесинде мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлериниң орны ҳәм абыройы ҳәмде олардың социал-экономикалық, сиясий, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў ҳәм бәрше салаларда алып барылып атырған реформалардағы қатнасы сезилерли дәрежеде асты.
Мысал ретинде, ғәрезсизликке ерискен дәслепки дәўирде Республикамизда 100 ге жақын мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеми жумыс көрсетип келген болса, бүгинги күнде елимизде 8800 дан артық мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери ҳәмде 130 мыңнан артық мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлериниң басланғыш шөлкемери жумыс көрсетип келмекте.
Бирғана 2016-жыл 25-апрелдеги Өзбекистан Республикасы “Өзбекистан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киритиў ҳаққында”ғы нызамында да мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери искерлигин тәртипке салыўшы нормаларды еркинлестириў бойынша қатар өзгерис ҳәм қосымшалар киритилди.
Өзбекистан Республикасының “Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери ҳаққында”ғы нызамының 22-статьясына киритилген өзгерислерге көре, дизимге алыўшы уйымға мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеминиң ўәкилханалары ҳәм филиалларын мәмлекетлик дизимнен өткериў ушын мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеми мәмлекетлик дизимнен өткенлиги ҳаққындағы гуўаҳнаманың нотариал тәртипте тастыйықланған нусқасын усыныў талабы бийкар етилди.
Буннан тысқары, Өзбекистан Республикасының “Жәмийетлик қорлары ҳаққында”ғы нызамының 2-статьясына Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси қарамағындағы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерин ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа институтларын қоллап-қуўатлыў жәмийетлик қорының шөлкемлестирилиўи, искерлиги, қайта шөкемлестирилиўи ҳәмде сапластырылыўының өзине тән қәсийетлери айрықша нызам ҳүжжети менен тәртипке салыныўы ҳаққындағы екинши бөлим менен толтырылды.
Бул болса, бүгинги күнде мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерин қаржылай қоллап-қуўатлаўшы тийкарғы қор есапланған юридик шахсқа мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерин қоллап-қуўатлыўда өзине тән жаңа имканиятларды көзе тутыўшы норма болды.
Усы нызамның 4-статьясына болса, тек ғана республика көлеминдеги жәмийетлик қорлары, бәлким халықаралық көлемдеги жәмийетлик қорларын шөлкемлестириў имканын бериўши жаңа норма киритилди.
Алдын “Жәмийетлик қорлар ҳаққында”ғы Нызамның 5-бәнтинде республика ҳәм жергиликли жәмийетлик қорларының Өзбекистан Республикасы аймағында жумыс алып барып атырған ўәкилханалары
ҳәм филиаллары юридик шахс болмаўы белгиленген болса, усы нызамның
5, 13 – 16-статьяларына киритилген өзгерис ҳәм қосымшаларға көре республика ҳәм жергиликли жәмийетлик қорларының да Өзбекистан Республикасындағы ўәкилхана ҳәм филиаллары юридик шахс статусына ийе бола алыў имканияты жүзеге келди.
Соның менен бирге, 2016-жыл 25-апрелдеги Өзбекистан Республикасы “Өзбекистан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис
ҳәм қосымшалар киритиў ҳаққында”ғы нызамға тийкар Өзбекистан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң
239 ҳәм 2391-статьяларына киритилген өзгерис ҳәм қосымшаларға көре, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлериниң искерлигин әмелге асырыў тәртибин бузганлығы ушын белгиленген жәриймалар муғдары тийисли рәўиште үш-төрт есеге шекем кемейттирилди.
Жуўмақ қылып айтқанда қабыл етилген ҳәм қабыл етилиўи режелестирилип атырған нызам ҳүжжетлери мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлериниң ҳуқықый статусы, роли ҳәм әҳмийетин күшейттириўге қаратылған. Буннан гөзленген мақсет олардың еледе нәтийжели хызмет алып барыўларын тәмийинлеўден ибарат.
Мәмлекетлик емес коммерциялық емес
шөлкемлер бөлими баслығы,
3-дәрежели әдиллик мәсләҳәтшиси З. Ходжахметов