Янгиликлар
12
Билесизбе
Буны билиўиңиз керек
Нызамшылыққа муўаыпқ (http://lex.uz/docs/2134701#2134736) кем тәмийинленген шаңарақларға напақалар ҳәм материаллық жәрдемлер тайынлаўда шаңарақтың жәми дәраматын есаплаўда шаңарақ ағзалары тәрепинен алынған төмендеги дәраматлар инабатқа алынады:
мийнетке ҳақы төлеў формасындағы дәраматлар;
мүлклик дәраматлар;
жеке тәртиптеги исбилерменниң дәраматы;
шет елде ислейтуғын ямаса исбилерменлик искерлигин әмелге асырып атырған шаңарақ ағзаларынан пул түсимлери суммасы;
пенсиялар, стипендиялар ҳәм напақалар (кем тәмийинленгени ушын алып атырған напақасы ямаса материаллық жәрдемнен тысқары);
жеке жәрдемши (дийхан) хожалығын жүргизиўден алынған дәрамат;
нызам ҳүжжетлеринде белгиленген басқа дәраматлар (мәселен, алимент, түрли грантлар, пул сыйлықлары ҳәм т.б.).
Бунда мийнетке ҳақы төлеў формасындағы дәраматлар есапланған сумма (салықлар ҳәм басқа мәжбүрий төлемлер шегирилмеген ҳалда сумма) бойынша есапқа алынады.
Инсан ҳуқықларын қорғаў бөлими баслығы Ғ.Тлеумуратов