Янгиликлар
01
2019-жыл 1-февраль – нызамшылықта нелер өзгереди?
2019-жыл 1-февраль – нызамшылықта нелер өзгереди?
Бүгиннен баслап Халық қабуллаўханалары машқалаларын үйме-үй жүриў арқалы анықлайды ҳәм шешеди, мәмлекет органларының халық пенен туўрыдан-туўры ислеўин нәзерде тутыўшы жаңа система енгизиледи;
- 45 мәмлекеттиң пуқаралары ушын 30 күнлик мүддетке визасыз режим белгилеў ҳаққындағы норма күшке кирди, Буннан тысқары 76 мәмлекет пуқаралары бүгиннен баслап электрон кириў визасын алыў имканиятына ийе;
- Ташкент қаласының барлық районларында район (қала) прокурорлары басшылығында жәмийетшилик тийкарында искерлик жүргизетуғын, жынаятшылық ислениўи себеплерин системалы анализлейтуғын эксперт-анализ топарларының искерлиги жолға қойылады;
- көшпес мүлкке болған мүлк ҳуқықының жүзеге келиўи, бийкәр болыўы, сондай-ақ олар менен байланыслы питимлер ҳаққындағы мәмлимлеме алмасыў имканиятын бериўши мәлимлеме-дәстүрий комплекси иске түсириледи;
- Мәмлекет бажыхана комитетиниң Ташкент ўәлаяты ҳәм Ташкент қаласы бойынша басқармалары, «Ташкент-АЭРО» қәнийгелестирилген бажыхана комплексиниң бажыхана постларында пулсыз тийкарда сыртқы экономикалық искерлик қатнасыўшыларына бажыхана жүк декларациясын толтырыў бойынша хызмет көрсетиўши арнаўлы шахслар топары – «фронт-офислер» искерлиги жолға қойылады.
Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими