Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

22

Нызамшылықтағы жаңалықлар


Нызамшылықтағы жаңалықлар
2019-жылда 112 трлн 251 млрд сумлық капитал киргизиледи.
Өзбекстан Республикасының 2019-жылға мөлшерленген Инвестиция дәстүрин әмелге асырыў ис-илажлары ҳаққында Президент қарары қабыл етилди. Қарарға көре өзинде 2019-жылда капитал қойылмалардың тийкарғы параметрлери, 2019-жылда социаллық, үй-жай, инженерлик ҳәм транспорт инфраструктурасы объектлерин иске түсириў прогнозы ҳәмде
2019-жылда объектлер ҳәм ислеп шығарыў қуўатларын иске түсириў мәнзилли дәстүрин нәзерде тутыўшы Өзбекстан Республикасының
2019-жылға мөлшерленген Инвестиция дәстүри тастыйықланды.
Усы дәстүр шеңберинде жәми 112 трлн 251 млрд сумлық капитал киргизилиўи, атап айтқанда соннан билимлендириў ҳәм медицина мәкемелериниң матерниаллық-техникалық базасын раўажландырыўға 4 трлн 43 млрд сум, ишимлик суўы тәмийинлениўин жақсылаўға 1 трлн 101 млрд сум, автомобиль жоллары ушын 1 трлн 961 млрд сум, жерлердиң мелиоратив аўҳалын жақсылаўға 353 млрд сум ҳәм Аралбойы аймағын раўажландырыўға 243 млрд сум капитал киргизилиўи ҳәмде 34 трлн 213 млрд сумлық туўрыдан туўры ҳәм 22 трлн 278 млрд сумлық мәмплекетлик кепиллик тийкарындағы сырт ел инвестиция ҳәм кредитлер ажыратылыўы белгиленген.
Сондай-ақ, қарар менен айырықша Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қәрежетлери есабынан финансластырылатуғын, 2019-жылда объектлар қурыў ҳәм оларды реконструкция етиў мәнзилли дәстүри ҳәмде орайластырылған инвестициялар есабынан финансластырылатуғын 14 ҳәм орайластырылмаған инвестициялар есабынан финансластырылатуғын 2 дана мәнзилли дәстүрлер де тастыйықланды.
Соның менен бирге, қарарға тийкар төмендеги дизимлер мақулланды:
2019-жылда жойбаралды ҳәм жойбар ҳүжжетлерин ислеп шығыў, келисиў ҳәм ҳәм тастыйықлаўды жеделлестириў талап етилетуғын инвестиция жойбарлары дизими;
2019-жылда көрип шығылатугын келешеги бар инвестиция ҳәм инфраструктура тармақ жойбарлары дизими;
2019-жылда жойбаралды ҳәм жойбар ҳүжжетлери ислеп шығылатуғын ҳәмде тастыйықланатуғын, қурылыс ҳәм реконструкция етилиўи Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары есабынан финансластырылыўы көзде тутылып атырған объектлер дизими;
2019-жылда жойбаралды ҳәм жойбар ҳүжжетлери ислеп шығарылатуғын ҳәм тастыйықланатуғын, орайластырылған инвестициялар есабынан финансластырылыўы көзде тутылып атырған социаллық тараў объектлери дизими.
Қурылыс ҳәмде тастыйықланған жойбар-смета ҳүжжетлерине өзгертиў ҳәм қосымшалар киргизиў процесслерине тийисли ўакилликке ийе болмаған шахслардың араласыўына жол қойылмайды.

Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими