Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

22

Нызамшылықтағы жаңалықлар


Нызамшылықтағы жаңалықлар
Жер кодексине қосымша киргизилди

Аўыл хожалығында егин майданларынан нәтийжели пайдаланыў механизми жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы айырым нызам ҳүжжетлерине өзгертиў ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққындағы Нызам Президент тәрепинен қол қойылды.
Нызам менен бир қатар нызам ҳүжжетлерине өзгертиў ҳәм қосымшалар киргизилди.
Атап айтқанда, Жер кодекси ҳәмде Дийхан хожалықлары ҳаққындағы Нызамға киргизилген өзгертиўге көре, ендигиден былай дийқан хожалықлары ушын мийрас етип қалдырылатуғын өмирликке ийелик етиўге жер участкасы район фермер, дийхан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңесиниң ҳамде Өзбекстан жаслар аўқамы район (қала) кеңесиниң биргеликте берилген усынысына ийе болған жас фуқараларға да бериледи.
Алдынлары бундай участкалар тек шаңарақлы ҳәм аўыллық орынларда кеминде үш жыл даўамында жасап турған пуқараларға берилген.

Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими