Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

24

24-декабрь Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик гимни қабыл етилген күн


Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының 5-статьясына тийкар Қарақалпақстан Республикасы өзиниң нызам арқалы тастыйықланатуғын мәмлекетлик нышанларына- байрағына, гербине, гимнине ийе деп көрсетилген.
1993-жыл 24-декабрде Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик гимни ҳаққындағы Нызам қабыл етилди.
Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик гимни Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик суверенлигиниң нышаны болып табылады.
Қарақалпақстан Республикасы Гимни ҳаққындағы нызамының
3-статьясында мәмлекетлик гимнниң атқарылыў ўақты ҳәм орынлары белгилеп берилген.
Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасында белгиленетуғын ғалаба халықлық байрамларға бағышланған салтанатлы жыйналыслар менен мәжилислер ашылғанда ҳәм жабылғанда Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик гимни атқарылғаннан кейин;
Қарақалпақстан Республикасының телевидение ҳәм радиоеситтириўлеринде, ҳәр күни – көрсетиў ҳәм еситтириўлер басында ҳәм ақырында, көрсетиў ҳәм еситтириўлер кешеси ҳәм күндиз алып барылғанда саат 6 да ҳәм саат 24 те, жаңа жыл ақшамында  саат 24 те Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик гимни атқарылғаннан кейин;
Республиканың турмысындағы ең әҳмийетли тарийхый ўақыяларды белгилеў ушын көрнекли сиясий, мәмлекетлик, әскерий ғайраткерлердиң, халық қаҳарманларының, илим, әдебият ҳәм көркем-өнер ғайраткерлериниң ҳүрметине естеликлер, сондай-ақ монументлер, обелисклер ҳәм басқа да қурылыслар ашқанда Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик гимни атқарылғаннан кейин;
мәмлекетлик уйымлар, басқа да шөлкемлер тәрепинен өткерилетуғын мәресимлер ҳәм басқа да салтанатлы илажлар ўақтында Өзбекстан Республикасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик байрақларын көтергенде;
әскерий мәресимлерди өткериў ўақтында - Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлериниң улыўма әскерий уставларына муўапық;
улыўма орта, орта арнаўлы, кәсип-өнер ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелеринде – жаңа оқыў жылы басланыўы ҳәм оқыў жылы тамам болыў мәресимлери ўақтында;
спорт майданларында- Қарақалпақстан Республикасы чемпионатларын, Қарақалпақстан Республикасы аймағында миллий сайланды командалар қатнасыўында халық аралық спорт жарысларын өткериў ўақтында ҳәмде сол жарыстағы жеңимпаз болған миллий сайланды командаларының ўәкиллерин сыйлықлаў мәресимлерин өткериў ўақтында Өзбекстан Республикасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик байрақларын көтергенде Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик гимни атқарылғаннан кейин атқарылады.        
Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик гимни көпшиликтиң алдында атқарылғанда, егер нызам ҳүжжетлеринде басқаша тәртип белгиленбеген болса, қатнасыўшылар Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик гимнин түргелип турып ҳәм оң қол алақанын көкиректиң шеп тәрепине қойып, әскерий ямаса мәмлекеттиң басқа хызметиндеги арнаўлы киймдеги шахслар болса қолын бас кийимине қойып тыңлайды.
Егер Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик гимниниң орынланыўы Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик байрағының көтерилиўи                      менен биргеликте әмелге асырылса, қатнасыўшылар оған жүзи менен бурылады.  
Мағлыўмат ушын айтып өтиўимиз керек, Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик гербиниң сөзи И.Юсупов, намасы Н.Мухаммеддиновқа тийисли.

Нөкис қаласы 6-санлы
МНК нотариус хаткери                                             Айсанем Абдикадирова