Янгиликлар
30
«Инсан ҳуқықлары ең жоқары қәдрият» темасында семинар өткерилди.
Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги ҳәм Нөкис қалалық билмлендириў бөлими менен биргеликте Өзбекстан Республикасы Президентиниң
2018-жыл 5-майдағы «Жер жүзлик инсан ҳуқықларының декларациясы қабыл етилгенлигиниң 70-жыллығына бағышланған илажлар бағдарламалары ҳаққында»ғы ПФ-5434-санлы пәрманында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў, Жер жүзлик инсан ҳуқықларының декларациясы қабыл етилгенлигиниң
70-жыллығын мәмлекетимизде кең көлемде нышанлаў мақсетинде Нөкис қаласы 27-санлы улыўма билим бериў мектеби мәжилислер залында илимий-әмелий семинар өткерилди.
Семинарда Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги, Әжинияз атындағы НМПИ жанындағы Халық билимлендириў мәкемелери хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў аймақлық орайы, Нөкис қалалық халық билимлендириў бөлими хызметкерлери ҳәмде 27-санлы улыўма билим бериў мектеби оқытыўшылары ҳәм оқыўшылары қатнасты.
Семинар даўамында Жер жүзлик инсан ҳуқықларының декларациясы мазмун-мәниси бойынша тусиниклер берилди, семинар шөлкемлестириўшилери тәрепинен оқыўшыларға «Бала ҳуқықлары ҳаққындағы конвенция» китапшалары тапсырылды ҳәмде 27-санлы улыўма билим бериў мектеби оқыўшылары атқарыўында «Инсан ҳуқықлары – ең жоқары қәдрият» атамасында концерт бағдарламасы атқарылды.
Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими