Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

30

«Ҳуқықый демократиялық мәмлекет ҳәм пуқаралық жәмийетин қурыўда жер жүзлик Инсан ҳуқықларының декларациясының роли ҳәм әҳмийети» темасында конфереция өткерилди.


     Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги ҳәм Қарақалпақ мәмлекетлик университети менен биргеликте  Өзбекстан Республикасы Президентиниң
2018-жыл 5-майдағы «Жер жүзлик инсан ҳуқықларының декларациясы қабыл етилгенлигиниң 70-жыллығына бағышланған илажлар бағдарламалары ҳаққында»ғы ПФ-5434-санлы пәрманында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў, Жер жүзлик инсан ҳуқықларының декларациясы қабыл етилгенлигиниң
70-жыллығын мәмлекетимизде кең көлемде нышанлаў мақсетинде Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң руўҳыйлық ҳәм ағартыўшылық мәжилислер залында илимий-әмелий конфереция өткерилди.
     Конференцияда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, Әдиллик министрлиги, Қарақалпақ мәмлекетлик университети профессор оқытыўшылары ҳәм студент жаслар, Жәҳән экономикасы ҳәм дипломатия университети  «Халық аралық ғалабалық ҳуқық» кафедрасы профессоры ҳәмде суд ҳәм ҳуқық қорғаў органларынан хызметкерлери қатнасты.  
     Конференция даўамында Жер жүзлик инсан ҳуқықларының декларациясы мазмун-мәниси бойынша тусиниклер берилди.


     Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими