Янгиликлар
28
Ҳәр бир мүрәжат итибарда
Өзбекистан Республикасы Конституциясында ҳәр бир пуқараның ҳуқық ҳәм еркинликлери белгилеп берилген. Конституциямыздың 40-статьясында “Ҳәр бир инсан медицина хызметинен пайдаланыў ҳуқықына ийе екенлиги белгилеп қойылған.
Қанлыкөл районы әдиллик бөлиминиң басламасы менен ҳәм Қанлыкөл районы ҳәкиминиң жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый ағартыўшылық мәселелери бойынша орынбасары Қ.Абдикаримовтың қатнасыўында 2018-жыл 8-сентябрь күни көшпели қабыллаў шөлкемлестирилип, көшпели қабыллаўда Қанлыкөл районы Бахытлы көшеси 5-жай 6-ханада жасаўшы пуқара Тажимуратов Жумабай Зинатдинович қызы Тажимуратова Гуллала Жумабай қызының наўқасланғанлығын билдирип, емлетиўде ҳәм мәкан пуқаралар жыйыны тәрепинен берилетуғын материаллық жәрдем пулларын алыўда әмелий жәрдем сорап мүрәжат етти. Пуқара Тажимуратов Жумабайдың мүрәжаты толық үйренип шығылып, Қанлыкөл районлық медицина хызметкерлери тәрепинен қызы Тажимуратова Гуллала Жумабай қызы районлық медицина бирлеспеси хызметкерлери тәрепинен көриктен өткерилип Карақалпақстан Республикасы көп тармақлы медицина орайына көриктен өтиў ҳәм емлениў ушын 2018-жыл ноябрь айына бийпул ордер (жоллама) берилип көриктен өткерилди. Соның менен бирге мүрәжат ийесиниң шаңарағына мәкан пуқаралар жыйыны тәрепинен берилетуғын материаллық жәрдем берилиўи тәмийинленди. Пуқара Тажимуратов Жумабайдың мүрәжаты канаатландырылды.
Сондай-ақ Қанлыкөл АПЖда жасаўшы пуқара Якупова Мырзагул Махмудовна 3 жасар перзенти (аллергический бронхит) кеселлиги менен наўқасланғанлығын билдирип емлетиўде әмелий жәрем сораған мүрәжаты үйренип шығылып, Қанлыкөл районлық медицина бирлеспесиниң балалар бөлиминде стационар шараятта емлениў ушын жоллама берилип, емлеўханаға жатқарылып медицина хызметкерлери тәрепинен көриктен өткерилди ҳәм бийпул дәри-дәрмақлар менен тәмийнленди.
Т.Асанов
Қанлыкөл районы
әдиллик бөлими баслығы