Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

21

Баскетбол бойынша ерлер арасында “Қарақалпақстан Республикасы кубогы” спорт жарысы өткерилди


Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги басламасы менен Қарақалпақстан Республикасы Дене тәрбия ҳәм спорт министрлиги ҳәм Қарақалпақстан Баскетбол федерациясы менен келисилген ҳалда Баскетбол бойынша ерлер арасында “Қарақалпақстан Республикасы кубогы” спорт жарысы 2018-жыл 19-21-ноябрь кунлери Республика ойын түрлери ҳәм жеңил атлетика бойынша қәнигелестирилген балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеби базасында Халық аралық баскетбол федерациясының қағыйдалары тийкарында шөлкемлестирилип өткерилди.
Жарыста, Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик шөлкемлер ҳәм мәкемелери хызметкерлери, район ҳәм қалалардан келген балалардан дүзилген командалары қатнасты.
Илаждың тийкарғы мақсети, жәмийетимизде жоқары мәдениятқа ийе болған ҳәр тәреплеме жетик ҳәмде физикалық саламат инсанды қәлиплестириў мақсетинде шахсты тәрбиялаўға, халықтың физикалық тәрбия шынығыўларына қатнастырыўға ҳәм халық арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириў ҳәмде Республикамызда жасларды физикалық тәрбия ҳәм спортқа кең тартыў арқалы баскетбол спорт түрин раўажландырыў, күшли спортшыларды анықлаў ҳам Қарақалпақстан Республикасы сайланды командасына тартыўдан ибарат.
Жарыста қатнасыўшылардың I, II ҳәм III орынды ийелеген командаларына шөлкемлестириўшилер Қарақалпақстан Республикасы дене тәрбия ҳәм спорт министрлигиниң арнаўлы дипломлары ҳәмде Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң “Кубогы” ҳәм саўғалары Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министри жеке өзи тәрепинен тапсырылды.
Илаж Республика ҳәм жергиликли ғалаба хабар қураллары арқалы кең жарытылып барылды.

Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги
Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими