Янгиликлар
27
2018-жылдың 9 айы даўамында әмелге асырылған жумыслар жуўамағы бойынша коллегия мәжлиси болып өтти
2018-жыл 27-октябрь күни Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң кеңейтирилген мәжлиси болып өтти. Мәжлиске Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикасы әдиллик министрлиги, ўәлаятлар, Ташкент қаласы әдиллик басқармалары, район (қала) әдиллик бөлимлери, мәмлекетлик нотариал кеңселери нотариуслары, мәмлекетлик хызметлер агентлиги ҳәм оның аймақлық басқармалары хызметкерлери, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты. Мәжлисте усы жылдың 9 айы даўамында исленген жумыслар, жол қойылған кемшиликлер ҳәм алдағы ўазыйпалар ҳаққындағы мәселелер қаралды.
Видеоселектор тәризинде өткерилген жыйналыстан кейин Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министри С.Худайбергенов басшылығында коллегия мәжлиси болып өтти. Мәжлисте тийкарғы итибар министрлик ҳәм оның район (қала) бөлимлери, мәмлекетлик нотариал кеңселери тәрепинен 2018-жылдың 9 айы даўамында әмелге асырылған жумыслар, кемшиликлер ҳәм оларды сапластырыў бойынша ис-илажларды белгилеўге қаратылды. Әсиресе пуқаралардың мүрәжатлары менен ислеўде, халыққа сапалы ҳуқықый хызмет көрсетиў, қабыл етилген нызам ҳүжжетлериниң мазмун-мәнисин халыққа ҳәм орынлаўшыларға жеткериўде жаңа басқышқа көтериў, сырт ел тәжрийбесин үйренген ҳалда миллий нызамшылықты жетилистириў, юридикалық хызмет ҳәм социал-экономикалық тараўда ҳуқықты қоллаў мәселелерине кеңнен тоқтап өтилди.
Мағлыўмат ушын атап өтиўимиз керек, министрлик ҳәм оның район (қала) бөлимлери тәрепинен 2018-жылдың 9 айы даўамында 3843 үгит-нәсият жумыслары алып барылды. Соннан 1010 ғалаба хабар қуралларында, 2503 аўызеки ҳәм 330 көргизбели үгит-нәсият жумысларын қурайды.
Министрлик ҳәм оның район қала бөлимлерине 2018-жылдың 9 айы даўамында 1807 мүрәжат келип түсип, 1293 шешилди, солардан 647си қанаатландырылды, 643ине ҳуқықый түсиник берилди.
Судларға 2 млрд 316 млн 702 мың сумлық 777 даўа арза киргизилип, судлар тәрепинен 1 млрд 482 млн 239 мың сумлық 682 даўа арзалары қанаатландырылды, қалған даўа арзалары судлар тәрепинен көрип шығылмақта.
Министрлик ҳәм оның район қала бөлимлери тәрепинен 345 шөлкемлерде 318 үйрениўлер өткерилип, 10162 нызам бузылыў жағдайлары анықланды. Анықланған жағдайлар бойынша 334 усыныслар киргизилип, соннан 293иниң орынланыўы тәмийинленди.
Усынысларға тийкар 329 ҳүжжетлер бийкар етилди. Сондай-ақ, 188 шахс интизамий жуўапкершиликке тартылып, 12 шахс ўазыйпасынан азат етилди, 76 шахс ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылды ҳәм 1 млрд
215 млн 46 мың сум қаржылары ийелерине қайтарылды.
Жынайый жуўапкершиликке тартыў бойынша 3 усыныс киргизилди.
Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият органлары тарепинен 94 ҳуқықый экспертизадан өткериў ушын ҳүжжет жойбарлары киргизилген, соннан
18и Халық депутатлары район, қала Кеңеслериниң жойбарлары. Киргизилген ҳүжжет жойбарларынан 90 данасы норматив қәсийетке ийе деп табылып ҳуқықый экспертизадан өткерилди.
Қарақалпақстан Республикасындағы мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў органлары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият органлары, мәмлекетлик кәрханалар, мәкеме ҳәм шөлкемлеринде искерлик жүргизип атырған юридикалық хызмет хызметкерлери штаты бойынша жәми саны 259 болып, әмелде жоқары юридикалық мағлыўматқа ийе 252 хызметкер ислемекте, қалған штатлар вакант.
Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы Юристлер маманлығын асырыў орайында 195 юридикалық хызмет хызметкерлери маманлығын асырды.
Искерлик жүргизип атырған юридикалық хызмет хызметкерлеринен 84и мәртебе дәрежесине ийе болып, солардан 49ы усы жылдың январь-сентябрь айларында арнаўлы атақ-мәртебе дәрежесин алған.
Министрлик тәрепинен 652 мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери дизимге алынған, 491и мәмлекетлик дизимине,
161 мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери есап дизимине,
14 төрешилик суды ҳәм 52 диний шөлкемлер дизимнен өткерилген ҳәм искерлик көрсетпекте.
Мәмлекетлик нотариал кеңселери тәрепинен усы жылдың 9 айы даўамында 160272 нотариал ҳәрекетлер әмелге асырылды.
Шөлкемлестириў-қадағалаў ҳәм таллаў
ислери бөлими баслығы Т.Калиллаев