Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

29

Мен бақшада ислеймен, ҳәзир баслығымыз жатаққа еки күнге пахтаға жибермекши, усы бүгиннен кешке барып дизимнен отиўимизди айтты. Бул истиң басында үлкенлер турипты. Ҳеш нәрсе айта алмаймыз. Кем тәмийинленген балалардың ата-аналарында еки күнге шығып бериў


Мен бақшада ислеймен, ҳәзир баслығымыз жатаққа еки күнге пахтаға жибермекши, усы бүгиннен кешке барып дизимнен отиўимизди айтты. Бул истиң басында үлкенлер турипты. Ҳеш нәрсе айта алмаймыз. Кем тәмийинленген балалардың ата-аналарында еки күнге шығып бериўлерин айтың деп буйырды. Қаерге мүрәжат етиўим керек?
Нызамшылыққа муўапық пуқаралар, соның ишинде, билимлендириў, ден-саўлықты сақлаў мәкемелери, басқа бюджет шөлкемлери хызметкерлерин, билимлендириў мәкемелери ҳәм студентлерди мәжбүрий мийнетке, соның ишинде мәўсимли аўыл хожалығы жумысларына тартыў қадаған етилген.
Пуқараларды мәжбүрий жәмийетлик жумысларына тиккелей ямаса тиккелей болмаған ҳалда тартқан лаўазымлы шахсқа қарата қатаң шәралар көриў бойынша белгиленген мәкемелерге тийисли тапсырмалар берилген.
Жоқарыдағыларға көре пахта теримине шығыўға мәжбүрлесе ямаса ис ҳақыңыздан пул услап қалса дәрҳал төмендеги исеним телефонларға мүрәжат етиўиңиз соралады: