Янгиликлар
26
Алдын хабар бергенимиздей прописка қылыў тәртиби жетилистирилди.
Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен ислеп шығылған Ҳүкимет қарарына муўапық нызамшылыққа бир қатар өзгерислер киргизилди.
✅ Атап айтқанда ендигиден былай:
- турған орны бойынша есапқа алынбағанлығы ямаса турақлы пропискада турмағанлығы пуқараға хызмет көрсетиўди бийкар етиў ушын тийкар деп есапланыўы мүмкин емес (яғный пропискаң жоқ екен деп, мәселен поликлиникадан қайтарып жиберилмейди);
- 16 жасқа толмаған шахсларды турақлы прописка қылыў ҳәм есапқа алыў олардың ата-аналары қәлеўине көре ықтыярий түрде әмелге асырылады;
- турақлы пропискаға ийе болыў ҳәм турған орын бойынша есапта турыў ушын пуқаралар электрон система арқалы мүрәжат етиўи мүмкин (ҳәзирги ўақытта бирден бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталында Ташкентте ўақтынша дизимнен өтиў бойынша электрон хызмет жолға қойылған);
- сырт ел пуқаралары еркинликтен айрылғанда оларды турақлы пропискадан шығарып жибериў ендигиден былай суд қарарына тийкар әмелге асырылады;
- Ташкент қаласы ҳәм Ташкент ўәлаятында турақлы пропискаға ийе болмаған физикалық шахслар жаңа қурылған үй-жайды банк есапбетлери арқалы сатып алыўы мүмкин (үй баҳасы ең кем ис ҳақының 2500 есесинен кем болмаўы ҳаққындағы қағыйда бийкар етилди). Бунда үй-жай сатып алғанда нотариуске төленетуғын мәмлекетлик бажы ең кем ис ҳақының 10 есесинен кем болыўы мүмкин емес;
- Ташкент қаласы ҳәм Ташкент ўәлаятына республиканың басқа аймақларынан мәўсимлик жумыс пенен шуғылланыўға (қурылыс, аўыл хожалығы ҳәм басқалар) келген пуқаралардан ўақтынша есапқа турыў ушын турақ жай майданын бериў ҳаққындағы арза ҳәм үй-жай ҳүжжетлериниң нусқасы талап етилмейди. Бунда мәўсимлик жумыс ҳаққында шәртнама ямаса мәўсимлик жумыс бериўшиниң арзасының өзи жеткиликли. Буннан усы қатламдағы шахслар турақ жай болмаған орынларда да есапқа алыныўы мүмкин;
- Ташкент қаласы ҳәм Ташкент ўәлаятында есапқа турыў ушын турақ жайды ямаса оның бир бөлимин ижәрага алыў (тегин пайдаланыў) ҳаққында нотариал тастыйықланған шәртнаманың нусқасын усыныў шәрт екенлиги бойынша талап бийкар етилди.