Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

23

Нөкис қаласы әдиллик бөлими хызметкерлери менен ушырасыў болып өтти


Нөкис қаласы әдиллик бөлими тәрепинен Нөкис қалалық халық билимлендириў бөлимине қараслы 44-санлы улыўма билим бериў мектебинде билим алып атырған оқыўшылардың
ата-аналары менен жас өспиримлердиң ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин қорғаў, жас өспиримлер арасында ушырасып атырған унамсыз жағдайлар, жас өспиримлер арасында исленип атырған жынаятлардың алдын алыў бойынша үгит-нәсият жумыслары алып барылды.
Буннан басқа, ата-аналарға жаңадан қабыл етилген норматив-ҳуқықый ҳүжжетлердиң мазмун-мәниси ҳәм әҳмийети түсиндирилди.
Ушрасыўда әдиллик бөлими хызметкерлери қатнасыўшылардың қызықтырған сораўларына жуўап берди.

Нөкис қаласы әдиллик бөлими