Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

19

КОРРУПЦИЯ МӘМЛЕКЕТ РАЎАЖЛАНЫЎЫНА КЕРИ ТӘСИР ЕТИЎШИ ИЛЛЕТ.


Мәмлекет раўажына, жамийет турмысына кери тәсирин тийгизетуғын коррупция иллети ҳаққында сөз еткенимизде әтирапымызда болып атырған унамсиз ҳәдийселерди мысал келтириўимизге болады.        
Коррупция - латын «сorruptio» сөзинен алынған болып - бузыў, айныў, параға сатылыў деген мәнислерди аңлатады.
Коррупция - терминине юридикалық әдебиятларда – бул жәмийетти түрли жоллар менен қысқыға алыўшы кери тәсирли иллет екенлиги, ол демократия ҳәм нызам үстемлиги тийкарларын ыдыратыўшы, инсан ҳуқықлары бузылыўына алып келетуғын, инсан турмысы дәрежесиниң төменлетилиўине ҳәмде адамлар қәўип салыўшы шөлкемлескен жынаятшылық ҳәм басқа ҳәдийселердиң пайда болып, раўажланыўы ушын қолайлық жаратып беретуғынлығы ҳаққында көрсетип өтилген.
Коррупция мәмлекет раўажланыў искерлигине, соның ишинде лаўазымларға тайнылаў көринислеринде де ушырайды. Лаўазымға тайынланған адам түрли имкәниятлар жаратып, жәрдем ҳәм хызмет көрсетип өз “қарызын” қайтарады.
Коррупция тек ғана жынаят ҳуқықының ямаса жынаят процессиниң машқаласы емес, бәлки коррупция қурамалы сиясий, экономикалық ҳәм әдеп икрамлылық мазмунға ийе болған кең көлемли трансмиллий жынаят болып есапланады. Себеби бул жынаят шегара таңлап отырмайды. Илимпазлардың изертлеўинше бул жынаят мәмлекетлердиң үлкен ҳәм киши, раўажланған ҳәмде кәмбағал болыўына қарамастан, бәрше мәмлекетлерде ушырасады. Коррупция экономикалық көрсеткишлердиң пәсейип кетиўине ең тийкарғы себеплеринен бири болып, ол мәмлекеттиң раўажланыўын тәмийнлеў ушын кери тәсирин тийгизиўши тосқынлық болып есапланады.
Теориялық жақтан сыпатлағанда коррупция – бул мәмлекетлик ўазыйпаны орынлаўшы лаўзымлы шахстың ямаса жуўапкер лаўазымлы шахстың өз ийелеп турған лаўазымы ҳәм лаўазымы менен байланыслы абыройынан, мүмкиншилигинен жеке байлық арттырыў мақсетинде, дәмегөйлик нийетинде бир шахстың ямаса бир топар шахслардың мәпин гөзлеп  ҳәкимиятқа зыян келтириўи менен байланыслы жәмийетке қәўипли қылмыс болып есапланады.
Бул коррупция жынаятшылығының жүз бериў механизми төмендегише сыпатланады:
- Коррупция еки тәреплеме дүзилетуғын келисим болып, онда лаўазымлы шахс яки мәмлекетлик хызметтеги басқа шахс өзиниң лаўазымы, абыройы ҳәм оларға байланыслы мүмкиншиликлерге тийкарланып, өз хызмети ўәкилликлерин яки хызметин физикалық яки юридикалық шахсларға, рәсмий түрде «пуллаўды», ал, «қарыйдар» болса мәмлекет ҳәкимиятынан пайдаланыў мүмкиншилигин қолға киргизеди.
-  Коррупция жынаятларын жүзеге келтириўши шәрт-шараятлар - булар атқарыў ҳәкимияты системасының кемшилиги менен, нызамшылық техникасындағы кемшилик пенен, жәмийетте инсанлардың ҳуқықый мәдениятының төменлиги, сондай-ақ, ҳуқық қорғаў уйымларында коррупция машқаласы менен гүресиўдиң нәтийжесизлиги менен байланыслы.
Жуўмақлап айтқанда жынаятлардың алдын алыў антикоррупцион режелерди раўажландырыў, коррупция түсинигиниң анық шегараларын белгилеп алыў ҳәм нызамшылыққа енгизиў.
Миллий нызамларымыздың Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Коррупцияға қарсы Конвенциясы талапларына сәйкеслендириў, Коррупцияға қарсы гүрисиў ҳәрекетлерин әмелге асырыўға қаратылған нызамларды қабыл етиў, мәмлекетлик хызмети системасының искерлигинде ашық-айдынлығы ҳәм әшкаралығын тәмийинлеў ҳәмде әлбетте пуқаралардың ҳуқықый санасы ҳәм мәдениятын жоқарылатыў менен байланыслы болған, сондай-ақ коррупцияға байланыслы унамсыз иллетлерден сақланыўға ҳәм оларға жол қоймаўға ҳәрекет етиўимиз лазым.


Баҳадыр Даўлетмуратов
Шоманай районы Мәмлекетлик хызметлер
орайы бөлим баслығы