Янгиликлар
29
Олий Мажлис Сенатының он алтыншы жалпы мәжлисинде «Юридикалық жәрдем ҳәм ҳуқықый хызметлер көрсетиў системасы жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Нызам мақулланды
Нызам менен бир қатар нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилди.
Атап айтқанда:
- пуқаралар арасында дүзилген имарат (үй-жай, квартира) ямаса оның бир бөлегин ижәраға бериў шәртнамасын нотариал тастыйықлаў шәртлиги ҳаққындағы норма өз күшин жойытты;
- нотариал тәртипте тастыйықланатуғын питим жойбарын ғәрезсиз таярлаған шахслар ҳуқықый ҳәмде техникалық көринистеги хызметлер ушын ҳақы төлеўден азат етиледи;
- нотариал ҳәрекетти әмелге асырыў ўақтында нотариуслар тәрепинен аудио ҳәм видеожазыў қуралларынан пайдаланылыўы мүмкин;
- питимлер, арзалар ҳәм басқа ҳүжжетлер тәреплер тәрепинен бармақ излерин алыў жолы менен тастыйықланыўы мүмкин;
- пуқара қандайда себеплерге көре (физикалық кемислиги, кеселлиги себепли ҳәм т.б) питим, арза ямаса басқа ҳүжжетти өз қолы менен қол қойа алмаған жағдайларда нотариус видеожазыў қуралларынан пайдаланады;
- үй-жай, бинә, сооружение ямаса имаратты басқа шахсқа өткериў ҳәм гиреўге қойыў ҳаққындағы питимлерди қәлеген нотариал кеңседе әмелге асырылыўы мүмкин (алдын тек ғана сол мал-мүлк жайласқан аймақтағы нотариус тәрепинен тастыйықланар еди);
(усы өзгерислер 2019-жыл 1-январдан күшке киреди)
- адвокат сораўына өз ўақтында жуўап усынылмаў ямаса жалған, дурыс емес мәлимлеме усыныў енди ҳәкимшилик жуўапкершиликке себеп болады (алдын тек ғана мағлыўмат усынылмағанлығы ушын жуўапкершилик бар еди);
- мәмлекетлик шөлкемлердиң юридикалық хызмети хызметкери сыпатында, судья, тергеўши ямаса прокурор лаўазымында кеминде үш жыл юридикалық қәнигелик бойынша жумыс стажына ийе болған шахс адвоткатлық дүзилмесинде стажировкадан өтпестен маманлық экзаменинде қатнасыўға ҳақылы;
- адвокатлық бюроларын шөлкемлестирген адвокатлар өз искерлигин өзлерине тийисли болған турақ жайларда әмелге асырыўы мүмкин (турақ жай болмаған орынға өзгертиў талап етилмейди).
Нызам Президент тәрепинен қол қойылып, жәрияланғаннан кейин белгиленген мүддетлерде күшке киреди.
Абубакир Отарбаев
Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық
бөлими бас мәсләҳәтшиси