Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

28

Олий Мәжлис Сенатының он алтыншы жалпы мәжлисинде «Жеке бәнтлик агентликлери ҳаққында»ғы Нызам мақулланды.


Нызамға көре пуқараларды шет елде жумысқа орналастырыў бойынша искерлик пенен ендигиден былай, Сыртқы мийнет миграциясы агентлиги менен бир қатарда жеке бәнтлик агентликлери де шуғылланыўы мүмкин.
- Нызамда жумыс излеп атырған шахсларды шет елде жумысқа орналастырыў бойынша жеке бәнтлик агентликлери искерлигин тәртипке салыўшы нормалар келтирилген.
- Атап айтқанда, жеке бәнтлик агентликлери жумыс излеп атырған шахсларға жумыс таңлаў ҳәм жумысқа орналастырыў бойынша, жумыс бериўшилерге кадрлар таңлаў бойынша, сондай-ақ жумысқа орналастырыў тараўында мәлимлеме ҳәм мәсләҳәт хызметлерин көрсетеди.
- Бунда шет елде жумыс пенен тәмийинлеў бойынша искерлик Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги тәрепинен берилетуғын лицензия тийкарында әмелге асырылады.
- Жеке бәнтлик агентликлери сырт елде жумысқа орналастырыў бойынша хызметлер көрсетиў ушын елиў мың АҚШ доллары муғдарындағы қәрежетлерди Сырт елде мийнет искерлигин әмелге асырыўшы пуқараларды қоллап-қуўатлаў ҳәмде олардың ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаў қорында резерв етип қояды.
- Усы қәрежетлер лицензия тамамланған ямаса бийкар етилген жағдайда қайтарып бериледи.
- Нызам Президент тәрепинен қол қойылып, белгиленген тәртипте жәрияланғаннан соң юридикалық күшке ийе болады.

Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими