Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

28

Олий Мәжлис Сенатының он алтыншы жалпы мәжлисинде «Пуқаралар жыйыны баслығы (ақсақалы)н сайлаўы ҳаққында»ғы Нызам мақулланды.


Нызам мәҳәлле баслығы (ақсақалы)н сайлаў процессиниң ашық айдынлығын тәмийинлеўге қаратылған.
Нызам менен мәҳәлле баслығының ўәкиллик муддети еки ярым жылдан 3 жылға узайтылды.
Сайлаўларда көбирек пуқаралардың қатнасын тәмийинлеў мақсетинде ҳәўлилер, үйлер, көшелерден ҳәмде қалалардағы, аўыллардағы мәҳәллелерден пуқаралар ўәкиллигиниң минимал нормасы пайызларда белгиленди.
Соның ишинде, пуқаралар ўәкиллигиниң минимал нормасы сайлаўда қатнасыў ҳуқықына ийе болған пуқаралардың 12 % ден кем болмаўы лазым.
Пуқаралар ўәкиллерине қарата талаплар орнатылды. Атап айтқанда, қағыйда ретинде шөлкемлестириўшилик қәбилетине, өмирлик тәжрийбеге ҳәм ҳалық арасында абырай-итибарға ийе болған пуқаралар ўакил болыўлары мүмкин.
Мәҳәлле баслығы лаўазымына кандидатлар пуқаралар ўәкиллери арасынан ямаса олардың жақын туўысқанлары арасынан көрсетилген жағдайда, олар пуқаралар ўәкиллери қурамынан шығарылады.
Пуқаралардың қәлеўлерин еркин билдириўлерине тәсир етиў имкәниятын қалдырмаў мақсетинде пуқаралар жыйыны баслығы (ақсақалы) сайлаўларында жасырын даўыс бериў системасы орнатылды.
Сайлаў процессинниң ашық айдынлығын тәмийинлеў мақсетинде мәҳәлле баслығы сайлаўын шөлкемлестириў ҳәм өткериў, сайлаў өткерилетуғын сәне, оның ўақты ҳәм орны ҳаққында, баслық лаўазымына кандидатлар ҳаққында, даўыс бериў жуўмақлары ҳаққында мәлимлеме Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў органлары искерлигин муўапықластырыў бойынша кеңеслердиң рәсмий веб-сайтларында жайластырыў белгиленди.
Нызам Президент тәрепинен қол қойылып, белгиленген тәртипте жәрия етилгеннен кейин юридикалық күшке ийе болады.

Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими