Янгиликлар
28
Олий Мажлис Сенатының он алтыншы жалпы мәжлисинде “Мәмлекетлик бажыхана хызмети ҳаққында”ғы Нызам (жаңа редакцияда) мақулланды.
Нызамдағы тийкарғы өзгерислер:
- бажыхана тараўындағы ҳуқықбузарлықлар профилактикасын әмелге асырыў бажыхана органларының тийкарғы ўазыйпалары сыпатында белгиленди;
- исбилерменлик искерлигине нызамсыз араласыў, жеке мүлкдарлар ҳуқықларын бузғанлығы ушын бажыхана органлары хызметкерлериниң жуўапкершилиги асырылды;
- сырткы экономикалық искерликти әмелге асырыў менен байланыслы тәртип-қағыйдаларда ашықлықты тәмийинлеў бойынша нормалар киргизилди;
- бажыхана искерлигинде заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын ҳәм қадағалаў техникалық қуралларын енгизиў бажыхана органларының тийкарғы ўазыйпалары қатарына киргизилди;
- банк мәкемелерине инкассо тапсырмалары ҳәмде усынысларын электрон формада усыныў әмелияты киргизилди;
- бажыхана органлары Президент тәрепинен шөлкемлестирилиўин белгилеўши жаңа норма киргизилди;
- бажыхана органлары хызметкерлери хызмет мәжбүриятын орынлаўы, оператив-қыдырыў искерлигин әмелге асырыўы ўақтында физикалық күш ислетиў, арнаўлы қурал ҳәм оқатар қуралды пайдаланыў шәртлери, қадағанлар ҳәмде хызметкерлердиң ҳуқық, мәжбүрият ҳәм жуўапкершилиги белгиленди;
- бажыхана органларының турақлы жасаў орнынан узақта хызмет етиўши хызметкерлерге ижәра компенсациясын төлеў, үй-жайға мүтәәж ҳәм көп жыл нуқсансыз хызмет еткен хызметкерлерге үй-жай қурыў ямаса квартира сатып алыў ушын жеңилликли кредит ажыратыў ҳаққындағы нормалар киргизилди;
- бажыхана органлары хызметкерлери ҳәм олардың шаңарақ ағзаларына медициналық мәкемелер пулсыз медициналық-санитария, медициналық-социаллық тәмийнат пенен тәмийинлеўдиң ҳуқықый тийкарлары белгиленди.
Нызам Президент тәрепинен қол қойылып, белгиленген тәртипте жәрияланғаннан кейин юридикалық күшке ийе болады.
Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими