Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

18

Нотариат тараўындағы жаңалықлар


Нотариаттың актив модели шеңберинде нотариуслар тәрепинен «бир айна» принципи бойынша питимлерди тастыйықлаўда мәмлекетлик орган ҳәм шөлкемлер менен бирге ислесиўдиң ҳәкимшилик регламентлерин тастыйықлаў ҳаққындағы Ҳүкимет қарары қабыл етилди. Қарар менен турақ жай алды-сатты шәртнамасын нотариал тастыйықлаўда турақ жайда турақлы пропискада болған шахслар ҳаққындағы мағлыўматларды алыўдың ҳәкимшилик регламенти тастыйықланды.
Оған муўапық, турақ жайда турақлы дизимге алынған шахслар ҳаққындағы мағлыўмат алыўда мәмлекетлик нотариал кеңселери ҳәм ишки ислер органларының өзара бирге ислесиў тәртиби белгиленди.
Бул тәртипке көре, турақ жай мүлкдары ямаса оның атынан ҳарекет етиўге ўәкилликли болған ўәкил турақ жай алды-сатты шәртнамасын тастыйықлаў ушын мәмлекетлик нотариал кеңсесине көшпес мүлкке ийелик ҳуқықын тастыйықлаўшы ҳүжжет пенен бирге кадастр ҳүжжетлер топламы, паспорт ямаса шахсын тастыйықлаўшы басқа ҳүжжетлерди усынады.
Бунда нотариуслар мағлыўмат алыў ушын турақ жай жайласқан ишки ислер органына курьерлик хызмети арқалы жазба формада ямаса кеңселераралық электрон системалар арқалы сораўнама менен мүрәжат етеди.
Ишки ислер органлары, егер сораўнама курьерлик хызмети арқалы жиберилсе- бир саат ишинде жазба ямаса электрон формада, электрон система арқалы жиберилсе- тезлик пенен реал ўақыт режиминде электрон формада жуўап бериўи шәрт.
Мағлыўматлар ишки ислер органлары тәрепинен бийпул бериледи.
Сондай-ақ,  2019-жыл 1-январдан баслап:
Нотариал ҳәрекетти әмелге асырыў ушын мәмлекетлик нотариал кеңселерине мүрәжат еткен шахсқа байланыслы мағлыўматлар нотариуслар тәрепинен бармақ излерин сканерлеў ҳәм оларды паспорттағы (пуқаралығы болмаған шахслардың биометрикалық ҳәрекетлениў ҳүжжетиндеги) биометрикалық мағлыўматлар менен салыстырыў арқалы ғәрезсиз тексериледи.
Бунда нотариус биометрикалық, сондай-ақ паспорт мағлыўматларын тексериў ушын кеңселераралық электрон система арқалы сораў жибереди.
Ўәкилликли орган нотариус сораўнамасына тийкар мағлыўматларды реал ўақыт режиминде электрон формада усынады.
Усы процессти әмелге асырыў нотариал ҳәрекет түрине қарап 15-30 минут ишинде әмелге асырылады.
Соның менен бирге, 2019-жыл 1-январдан баслап:
Көшпес мүлкти басқа шахсқа өткериў шәртнамасын нотариал тастыйықлаўда имәрат ҳәм  сооружениелер ҳаққындағы мағлыўматларды алыў нотариус тәрепинен ғәрезсиз әмелге асырылады.
Усы процесс төмендеги басқышларда әмелге асырылады:
Дәслеп физикалық ямаса юридикалық шахс көшпес мүлкти басқа шахсқа өткериў шәртнамасын нотариал тастыйықлаў ҳаққындағы мәмлекетлик нотариал кеңселерине мүрәжат етеди.
Бунда көшпес мүлкке ийелик ҳуқықын тастыйықлаўшы ҳүжжет пенен биргеликте кадастр ҳүжжетлер топламы, паспорт ямаса шахсын тастыйықлаўшы басқа ҳүжжетлер усынылады.
Кейинги басқышта нотариус имәрат ҳәм сооружение жайласқан аймақтағы жер дүзиў ҳәм кадастр органына күрьерлик хызмети ямаса кеңселер ара электрон система арқалы имәрат ҳәм сооружениелер ҳаққындағы мағлыўматларды сорап сораўнама жибереди.
Кейинала усы сораўнамаға тийкар жер дүзиў ҳәм кадастр органы имәрат ҳәм сооружениелердиң тийислилиги ҳәм қурамы, кадастр номери ҳәм улыўма (жасаў) майданы көлеми, көшпес мүлкти басқа шахсқа өткериўге қадаған ҳәм хатлаў бар ямаса жоқлығы ҳаққындағы мағлыўматты усынады.
Ҳүжжетлер толық усынылғаннан кейин, 30 минут ишинде көшпес мүлкти басқа шахсқа өткериў шәртнамасы нотариал тастыйықланады.
Бул Регламент 2019-жыл 1-январдан әмелге киреди.
    
Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими