Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

15

Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги “Ашықлық индекси”нде биринши!


Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў органларының “Ашықлық индекси”бойынша нәўбеттеги рейтинги жәрияланды.
Рейтинг нәтийжелерине көре, республикадағы 45 мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў органлары арасында Әдиллик министрлиги 1-орынды ийеледи. Кейинги орынларды Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги ҳәмде Орайлық банк ийеледи.
Еслетип өтемиз, рейтинг баҳалаўда мәмлекетлик органлар искерлигиниң ашықлығын тәмийинлеў бойынша әмелге асырылған жумыслардың сапасы ҳәм саны, оның нәтийжелилиги сыяқлы жаңа өлшемлерине таянған. Бунда ең алды менен, мәмлекетлик ҳәкимият органлары администрациясының кең аудитория менен байланысы, ушрасыў, баспа сөз анжуманы, брифинглердеги тиккелей қатнасы, мәлимлеме хызметлери искерлиги ҳәм социаллық тармақлардағы белсендилиги ҳәм халық мүрәжатларының өз ўақтында қанаатландырылғанлығына айырықша итибар қаратылды.