Янгиликлар
13
РАЙОН (ҚАЛА) ӘДИЛЛИК БӨЛИМЛЕРИ ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЛДИ
Мәмлекетимизде ҳуқықый демократиялық мәмлекет ҳәм әдалатлы пуқаралық жәмийет қурыў процесинде, биринши нәўбетте, бирден-бир мәмлекетлик хуқықый сиясатын, сол қатарда хуқық дөретиўшилиги искерлигин сапалы шөлкемлестириў, избе-из ҳәм бир түрдеги хуқықты қоллаў әмелиятын қәлиплестириў, инсан хуқық ҳәм еркинликлериниң нәтийжели қорғалыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, халықтың хуқықый мәдениятын асырыўдың бирден-бир системасын енгизиў жолы менен әмелге асырыўды гөзлеўши әдиллик органлары ҳәм мәкемелерине айырықша итибар қаратылмақта.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 13-апрелдеги “Мәмлекетлик ҳуқықый сиясатты әмелге асырыўда әдиллик органлары ҳәм мәкемелери искерлигин түп-тийкардан жетилистириў ис-илажлары ҳаққында”ғы Пәрманы менен мәмлекетлик органлары ҳәм шөлкемлери искерлигин хуқықый тәмийинлеў, олардың юридикалық ҳыметлерин муўапықластырыў, хуқықый мәлимлемени тарқатыў, сондай-ақ, мәмлекетлик хызметлер көрсетиў сапасын жақсылаў мәселелери бойынша әдиллик органлары ҳәм мәкемелериниң искерлик бағдарлары белгилеп берилди.
Әдиллик органлары мәмлекетте бирден-бир ҳуқықый сиясатты әмелге асырыўшы орган сыпатында белгиленди.
Пәрман менен «республика-ўәлаят-район (қала)» үш буўынлы принципи бойынша вертикал басқарыўды енгизген ҳалда районлар (қалалар)да әдиллик бөлимлери шөлкемлестирилди.
Районлар (қалалар) әдиллик бөлимлериниң тийкарғы ўазыйпалары етип:
Бириншиден, Ҳәкимлерге ҳәмде мәмлекетлик органлары ҳәм шөлкемлериниң районлар (қалалар) бөлимлерине нызамлар ҳәм басқа норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерди қоллаў мәселелери бойынша мәсләҳәтлар бериў;
Екиншиден, мәмлекетлик органлары ҳәм шөлкемлери район (қала) бөлимлериниң нызамлар ҳәм басқа норматив-ҳукықый ҳүжжетлер орынланыўын шөлкемлестириў бойынша искерлигине методикалық басшылық етиў ҳәм муўапықластырыў;
Үшиншиден, қабыл етилип атырылған нызамлар ҳәм басқа норматив-ҳуқықый ҳүжжетлердиң мазмун-мәниси ҳәм әҳмийетин районлар бөлимлериндеги орынлаўшыларға жеткериў, «республика-ўәлаят-район-мәҳәлле» принципи бойынша ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм халықтың ҳуқықый саўатсызлығына шек қойыў бойынша, сол қатарда ҳуқық қорғаў ҳәм суд органлары менен биргеликте ис-иләжларды әмелге асырыў;
Төртиншиден, районлар (қалалар) ҳәкимлери ҳәм халық депутатлары Кеңеслериниң қарарларын нызам ҳүжжетлерине, мәмлекетимизде әмелге асырылып атырылған реформалардың мақсет ҳәм ўәзийпаларына муўапықлығы көз қарасынан ҳуқықый экспертизадан өткериў;
Бесиншиден, ҳуқықты коллаў әмелиятын үйрениў ҳәм анализлеў, оның турақлылығы ҳәм бир қыйлылығын тәмийинлеў бойынша усынысларды ислеп шығыў;
Алтыншыдан, инсан ҳуқықларын қорғаў бойынша ис-иләжларды әмелге асырыў, өз ўәкилликлери шеңберинде физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатларын көрип шығыў;
Жетиншиден, Мәмлекетлик органлар ҳәм шөлкемлериниң район (қала) бөлимлеринде ҳуқықый ислердиң жағдайын мониторинг етиў, сондай-ақ олардың юридикалық хызметлери искерлигин муўапықластырыў, қадағалаў ҳәм методикалық тәмийинлеў белгиленди.
Қарақалпақстан Республикасы
Әдиллик министрлиги
Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық
бөлими бас мәсләҳәтшиси Абубакир Отарбаев