Янгиликлар
05
«Ең жақсы хуқық үгит-нәсиятшысы» Таңлаўы жеңимпазлары анықланды!
Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен «Ең жақсы хуқық үгит-нәсиятшысы» таңлаўы шөлкемлестирилген еди. 10 номинация бойынша өткерилген усы таңлаў өз жуўмағына жетти.
Танлаўғы еки ай даўамында 170 ден артық материаллар келип түсти. Таңлаў режесине муўапық төрешлер коллегиясы усы материалларды үйренип шығып, жасырын даўыс бериў жолы менен жеңимпазларын анықлады.
ЖЕҢИМПАЗЛАР МЕНЕН ТАНЫСЫҢ:
1. «Ҳуқықый үгит-нәсияттағы пидәийлығы ушын» номинациясы бойынша:
Муҳиддинова Феруза Абдурашидовна – Ташкент мәмлекетлик юридикалық университети профессоры. Республика көлеминдеги хуқықый үгит-нәсият топарлары актив ағзасы. 100 ге жақын илимий жумыслары: монографиялар, китапшалар ҳәм илимий мақалалар авторы. Ҳуқықый үгит-нәсияттағы активлиги ушын бир қатар мәмлекетлик кеңселер ҳәм шөлкемлериниң миннедаршылық ҳәмде ҳурмет жарлықлары менен сыйлықланған.
2. «Ҳуқықый мәдениятын үгит нәсиятлаўшы ең жақсы қәниге» номинациясы бойынша:
Худойбердиев Хушнудбек Ғайратович – Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Кеңеси аппаратының Юридикалық бөлими баслығы орынбасары. Телеграмм каналында “Xushnudbek.uz” атлы каналын жүргизеди. Усы каналда билимлендириў, мийнет, тутыныўшылық хуқықы сыяқлы мәселелерде мазмунлы ҳәм қызықлы контентлер турақлы рәўиште берип барылады.
3. «Ҳуқықый мәдениятын үгит нәсиятлаўшы ең жақсы журналист» номинациясы бойынша:
Эргашева Дилфуза Рустамовна – “Инсон ва қонун” газетасы әдебий редакторы, журналист, блогер. Ҳуқықый үгит-нәсият бағдарындағы бир қатар материаллары баспа сөзде ҳәм интернет бетлеринде жәрия етилген.
4. «Ҳуқықый мәдениятын үгит-нәсиятлаўшы ең жақсы ҒХҚ» номинациясы бойынша:
“Ўзбекистон 24” телеканалы – хуқықый үгит-нәсият, атап айтқанда қабыл етилип атырған нызам хүжжетлериниң мазмун-мәниси ҳәм әҳмийетин жеткерип бериў бағдарында ең актив телеканал.
5. «Ҳуқықый мәдениятын үгит-нәсиятлаўшы ең жақсы блогер” номинациясы бойынша:
Калонов Баҳром Қосимжонович – танықлы карикатурашы-художник. Ол тәрепинен сызылған бир ғана «#бизкоррупцияғақарсымыз» хештэги астындағы топлам карикатуралар телеграм, фейсбук ва инстаграм социаллық тармақларында миллион мәртеден артық көрилген.
6. «Ҳуқықый мәдениятын үгит-нәсиятлаўшы ең жақсы сайт» номинациясы бойынша:
“Xabar.uz” порталы – мәлимлеме-аналитикалық портал. Усы сайтда пуқаралардың хуқықый ҳәм социаллық активлигин жәнеде жоқарылатыў, хуқықый саўатханлығын асырыў бойынша турақлы рәўиште хуқықый тараўдағы мәлимлеме-аналитикалық материаллар жәрияланған.
7. «Ҳуқықый үгит-нәсиятдағы ең жақсы инновацион жойбар» номинациясы бойынша:
Гафуров Умид Илҳомович – Социаллық тармақларда “Troll.uz” аты менен белгили болған блогер. Социаллық тармақлар арқалы “#бизкоррупцияға қарсымыз” хештэги астында “Коррупцияға қарсымыз деп турип...” ҳәм “Бир гәп пенен билимлендириўдеги коррупция...” атамасындағы сериялы постлары кең ғалабаласты. Бул постлар ҳәтте қағазға басып шығарылып жуўапкер кеңселерде дийўалларға асып қойылғаны ҳаққында хабарлар тарқалды.
8. «Мәҳәлледе ҳуқықый мәдениятты жоқарылатыўдағы активлиги ушын» номинациясы бойынша:
Ибрагимов Фарҳод Баходирович – Жынаят ислер бойынша Қарақалпақстан Республикасы судының аға қәнигеси. Ҳуқықый үгит-нәсият бойынша мәҳәллелерде системалы рәўиште ушрасыў ҳәм дөнгелек стол сәўбетлесиўлери шөлкемлестирген.
9. «Ҳуқықый үгит-нәсияттағы ең жақын бирге ислесиўши” номинациясы бойынша:
“UzReport” телеканалы – Ҳуқықый үгит-нәсият илажларын, атап айтқанда “Адлия ахбороти” атлы брифингин ең актив жарытыўшы бирге ислесиўши телеканал.
10. «Ең жас ҳуқық үгит-нәсиятшысы» номинациясы бойынша:
Рубцов Юрий Александрович – Ферғана ўалияты юридикалық колледжи питкериўшиси (18 жас). Ҳуқықый үгит-нәсиятта актив, атап айтқанда инфографикалар жаратыўда жоқары шеберликке ийе. Пуқаралық, жынаят ҳуқықы бойынша түрли мазмундағы сыпатлы инфографикалар таярлап олардан үгит-нәсият илажларында нәтийжели пайдаланған.
Танлаў жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими 12 сентябрь күни болып өтеди.